Ҳәммеге белгили ҳәзирги ўақытта республикамызда халықты басқышпа-басқыш коронавирусқа қарсы ғалаба түрде шаншыў иләжлары алып барылмақта. Соңғы күнлерде коронавирус инфекциясы менен кеселлениў жағдайларының артып барыўы шаншыў иләжларын жәнеде жеделлестириўди талап етпекте. Бүгинги күнге шекем республикамызға 284000 доза, соннан 32000 доза “Astra Zneka”, 244800 доза “ZF-UZ-VAK 2001” ҳәм 7200 доза “Спутник V” вакциналары алып келинген болып 1-2 ҳәм 3-басқыш шаншыў иләжларын өткериӯ ушын орынларға тарқатылған.
Усы
күнге шекем 1-басқыш пенен жәми 93996 пуқара коронаирусқа қарсы шаншылған
болып, Соннан 65 жастан жоқары 17640, медицина хызметкерлери 17860, билимлендириў
тараўы хызметкерлери 21096, МШБШ хызметкерлери 7774, хроникалық кеселликлери
бар болған пуқаралар саны 17553 ҳәм басқада топарларға кириўши 12028 пуқаралар
вакцина менен емленди. Сондай-ақ, шаншыўға киритилген қәўипли топар
контингентлерине 50 жастан жоқары ҳәм арнаўлы билим бериў мәкемелериниң
оқытыўшылары менен ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң дизими қәлиплестирилип,
олардың коронавирус инфекциясына қарсы шаншыўды шөлкемлестириў иләжлары
басланды.
Шаншыў иләжларын өткериўден тийкарғы мақсет,
кеселлениўшиликти, сондай-ақ, бул кеселликтен жүзеге келетуғын өлимшилик жағдайларын
болдырмаўдан ибарат. Кеселликке қарсы шаншыў өткерилгеннен кейин организимде
вирусқа қарсы антиденешелер пайда болады. Бул антиденешелер организимге вирус
түскенде кеселлик шақырыў ҳәм көбейиў дәрежесине шекем үлгерместен оларды жоқ
етиў ушын организимдеги иммун клеткаларды жибереди. Нәтийжеде кеселликке
шалыныў итималы пәсейеди, егерде кеселлик жүзеге келген жағдайда да жеңил кешиўин
тәмийнлейди.
Ҳүрметли пуқаралар, сизлердиң өз ўақтында емлениўиңиз
ҳәм карантин қағыйдаларына әмел етиўиңиз тек ғана өзиңизди қорғап қоймастан
жақынларыңыздыңда саламатлығын сақлаўда оғада әҳмийетли.
Қарақалпақстан
Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы
басқармасының жәмийетшилик пенен ислесиў бөлими