22.12.2024, Екшемби

Республикамыз бойлап “Мен вакцина алдым” акциясы өткерилмекте


“COVID-19”ға қарсы шаншыў иләжлары пандемияның алдын алыўда әҳмийетли орын ийелейди. Вакциналар иммунитетиңизди беккемлеп, Сизге жуғыўы мүмкин болған вирусларға қарсы гүреседи. Биз профилактикалық шаншыў арқалы тек өзимизди емес ал, жақынларымыз бенен әтирапымыздағыларды да қорғаймыз. Халықтың 60-70 пайызында усы кеселликке қарсы иммунитетти пайда етпей турып, оған қарсы нәтийжели гүресе алмаймыз.

 Ҳүрметли пуқаралар! Республикамыз бойлап даўам етип атырған “Мен вакцина алдым” акциясына белсене қатнасың ҳәм пандемияны жеңиў жолында биргеликтеги гүреске өз үлесиңизди қосың!

 


ҚР Санитария-эпидемиологиялық

тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы

жәмийетшилик пенен ислесиў бөлими