22.12.2024, Екшемби

Үлкен өзгерислер ҳәм дөретиўшиликлер шынжыры

Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!

Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм Аралбойы аймағында әмелге асырылған үлкен унамлы өзгерислерде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар үлкен әҳмийетке ийе.

Бул ҳүжжетлер халқымыздың абат турмысын тәмийинлеў, оларға қолайлы шараят жаратыў, экономикамызды беккемлеў, халық дәраматларын арттырыў, исбилерменликти раўажландырыў, аўыл хожалығы, билимлендириў, медицина, спорт, мәденият тараўында үлкен жетискенликлерге ерисиўде әҳмийетли тийкар болды.

Усы жерде итибарыңызды, өткен төрт жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасында ерисилген экономикалық көрсеткишлерге қаратсам. Санаат, өндирис көлеми 2,1 есеге артты ҳәм  75 түрдеги жаңа өним таярлаў жолға қойылды. Мысалы ушын, бүгин аймақта шийше ыдыслар, бир мәртелик медициналық шприц, целлюлоза, кир жуўыў машинасы, телевизор, трансформатор, ДСП ҳәм басқа да санаат өнимлери ислеп шығарылып атыр. Жақын-жақынға шекем бундай өнимлер басқа аймақлардан келтирилетуғын еди.

Жаратып берилип атырған қолайлы шараятлар сырт ел инвесторларын да күн сайын өзине тартпақта. Нәтийжеде, олардың қатнасыўындағы кәрханалардың саны 2,5 есесге көбейди.

Нөкис қаласы ҳәм Хожели районында мийўе-овощ өнимлерин жетистириў, сақлаў ҳәм қайта ислеў бойынша ири логистика орайлары иске қосылды. Соны да айрықша атап өтиў орынлы, Қарақалпақстан ушын әҳмийетли болған шарўашылық тараўында да үлкен жетискенликлерге ерисилип, нәсилли қарамаллардың саны 9,5 есеге өсти ҳәм ҳәзирги күнде 17 мың басқа жетти. Сондай-ақ, өткен 4 жылда балық жетистириў көлеми 3,3 есеге артты.

Ең әҳмийетлиси, халықтың турмыс дәрежесин және де жақсылаў бойынша бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинлениў дәрежеси 40 проценттен 67,1 процентке көтерилди. 61 мәҳәлле биринши мәрте орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленди. 25 денсаўлықты сақлаў объекти жаңадан қурылды, 38 и реконструкцияланды ҳәм 21 медицина мәкемеси заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинленди. 13 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми жаңадан қурылып, 155 и реконструкцияланды ҳәм оңланды. 75 мәмлекетлик шериклик және 357 шаңарақлық бақша шөлкемлестирилди. Нәтийжеде балаларды мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми менен қамтып алыў дәрежеси 32,2 проценттен 68,8 процентке жетти.

Сондай-ақ, 16 мектеп жаңадан қурылды ҳәм 117 си оңланды. 45 мәденият ҳәм спорт тараўының объектинде қурылыс-оңлаў жумыслары орынланды.

Президентимиздиң айрықша итибары ҳәм басламасы менен экологиялық шараяты аўыр болған Мойнақ районында кейинги 3 жылда мисли көрилмеген дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылды. Атап айтқанда, районда 20 көп қабатлы турақ жай қурылып, 100 километр аралықтан ишимлик суўы алып келинди. Амфитеатр, стадион, музыка мектеби, жабық жүзиў бассейни, балалар дем алыў лагери ҳәм басқа да социаллық объектлер иске қосылды. Мойнақ аэропорты қайтадан тикленди.

Әмелге асырылған усындай жумыслар нәтийжесинде ақырғы 4 жылда Мойнақ районында аймақлық санаат өнимлериниң көлеми 2,3, аўыл хожалығы өнимлери 3,2, қурылыс жумыслары 19 ҳәм хызметлер көлеми 2,5 есеге артты.

Өткен жылы Президентимиз  Шавкат Мирзиёев тәрепинен қарақалпақстанлылар ушын оғада әҳмийетли болған еки қарар қабыл етилди. Бириншиси, 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен халықтың турмысын жақсылаў және барлық қала ҳәм районларды, тараўларды жедел раўажландырыўға хызмет ететуғын, келеси үш жылға мөлшерленген 21,2 триллион сумлық 2 мың 788 жойбарды өз ишине алған бағдарлама белгилеп алынды.

Екиншиси, 2020-жыл 5-декабрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында»ғы қарар болып, оны Аралбойында жасаўшы пүткил халқымыз тәғдирине байланыслы әҳмийетли ҳүжжет десек, ҳасла, қәте болмайды.

Қарар дийқаншылық, шарўашылық пенен шуғылланыўшы кластер ҳәм фермерлердиң ертеңги күнге болған исенимин және де арттырып, жаңа шеклерге руўхландырады. Себеби, суў барлық аймақларда тиришилик дәреги болса, Қарақалпақстан ушын оғада әҳмийетли турмыслық мәселе.

Орайлық Азиядағы ең глобал дәрежедеги машқала – Арал теңизи қурыўының ақыбетлери. Тек ғана Өзбекстанның емес, ал регионның тәшўишин өзи ушын бийгана санамайтуғын мәмлекетимиз басшысы дүнья жәмийетшилигиниң итибарын қайта-қайта усы мәселеге қаратып келмекте. Бул экологиялық машқаланы жумсартыў мақсетинде мәмлекетимиз ҳәм халықаралық жәмийетшилик ўәкиллери тәрепинен кең көлемли жумыслар алып барылып атыр.

 Президентимиздиң 2017-жыл 19-сентябрьдеги БМШ Бас Ассамблеясындағы шығып сөйлеген сөзинде алға қойылған басламасы тийкарында Аралбойы аймағын раўажландырыў мақсетинде Траст фонды шөлкемлестирилген еди. Ҳәзирги күнге шекем бул қорға 13,8 миллион доллар тартылған болса, жақын еки жылда және 300 миллион доллар тартылыўы күтилмекте.

Бул қаржылар аймақта ишимлик суўы, халықтың саламатлығы ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў және экологияны жақсылаў жойбарларына қаратылады.

Және бир әҳмийетли мәселе, Арал теңизиниң қурыған түбинде 1 миллион 600 мың гектардан аслам майданда шөл өсимликлери егилип, жасыл қапламалар қурылмақта. Бул унамлы жумыслардың логикалық даўамы сыпатында жақында, яғный 2021-жылдың 18-май күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 75-сессиясының жалпы мәжилисинде Президентимиздиң усынысына бола Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққындағы арнаўлы резолюция бир аўыздан қабыл етилди. Бул хабар пүткил халқымызды, әсиресе, Арал теңизи қурыўынан жәбирленген қарақалпақстанлылардың ертеңги күнге болған исенимин және де арттырды, қуўандырды.

Себеби, резолюцияға бола Аралбойы регионының экологиялық машқалалары ғана сапластырылып қалмастан, усы жерде жасаўшы халықтың турмыс тәризин жақсылаў, район ҳәм аўылларды абат етиў жумыслары да алып барылыўы нәзерде тутылмақта. Бундай ийгиликли ислерден бири сыпатында мәмлекетимиз басшысының басшылығында Мойнақ районы «Әлий» аўылы ҳәм Тахтакөпир районындағы «Белтаў» аўылы абат мәканға айландырылып атырғанын айрықша атап өтиў орынлы.

Бундай ийгиликли ислер Аралбойы регионына киретуғын дерлик барлық аймақларда әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығына бағышлап, «Мойнаққа жәрдем»экологиялық қайырқомлық веломарафонының пүткил елимиз бойлап өткерилип атырғаны да жоқарыдағы пикиримизди тастыйықлайды.

Соның менен бирге, резолюцияға тийкарланып Аралбойы регионын  экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағына айландырыў концепциясы ислеп шығылады. Нәтийжеде Аралбойы аймағында экологиялық жағдайды тиклеў, халықтың саламатлығы ҳәм жасаў шараятын жақсылаў, ишимлик суўы, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм басқа да социаллық машқалаларды шешиў бойынша көплеген жумыслар әмелге асырылады. Сондай-ақ, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, қайта тикленетуғын энергия дәреклерин қолланыў ҳәм басқа да жаңа инновациялық технологияларды енгизиў жумыслары да нәзерде тутылған.

Ҳәзир Қарақалпақстанда инновациялар ҳәм жаңа технологияларды енгизиў бойынша баҳасы 315 миллион долларлық 106 жойбар усынысы ислеп шығылды. Усы жойбарлар биргеликтеги илимий изертлеўлер өткериўге, экологиялық таза технологияларды ислеп шығыў ҳәм енгизиўге, инклюзив ҳәм экологиялық турақлы өсиўге және энергия ҳәм суўды үнемлеўши технологияларды қолланыўға тийкар жаратады.

Усы жерде аймақта әмелге асырылып атырған унамлы жумыслар, мәмлекетимиз басшысының машқалаларды сапластырыўға, тараўларды раўажландырыўға қаратылған пәрман ҳәм қарарлары, ғамхорлықлары барлық қарақалпақстанлылардың қәддин көтеретуғынын айырықша атап өтпекшимен. Ертеңги күнге болған исенимин, мийнет етиўге болған ғайратын күшейтти. Қарақалпақстан халқы көрсетилип атырған бундай итибар ҳәм ғамхорлыққа жоқары мийнет нәтйижелери менен жуўап береди.

Қаҳраман САРИЕВ,

Қарақалпақстан Республикасы

Министрлер Кеңесиниң Баслығы

Қарақалпақстан хабар агентлиги