Өрт хәм оның алдын алыу менен байланыслы қандайда бир төлеп берилиўи шәрт
болған коммунал төлем яки салық нызамшылықда жоқ. .
Соңғы жылдарда, тийкарынан гуз-қыс маўсими басланыўында халық арасында,
әсиресе районларда арнаулы-формалы кийим кийип журген яки сол кийимге жүдә
уқсас кийимдеги шахслар өзлерин “ өртти бақлау органы хызметкери” сыпатында
таныстырып пуқаралардан жыллық 20 000 – 40 000 сўм әтрапында мәжбурий турде
салық яки коммунал төлеу сыпатында нызамсыз жийнау жағдайлары гузетилмекте.
Әдиллик министрлиги Жамәәтшилик пенен байланыслар бөлими хабарына көре,
жоқарыдағы мәселелер бойынша келип тускен муражатлар уйренилгенде , усы
ҳәрекетлер турли көринисте шөлкемлестирилген, тийкарынан атында “өрт”, “жалын”,
“қарсы гурес ”, “қәўипсизлик”, “қорғау” сияқлы сөзлерден ибарат болған хәм
өрттиң алдын алыу сәўлеленген турли белгилер тусирилген мөр-штамплардан
пайдаланып келген исбилерменлик субъектлери тәрепинен әмелге асырып
келингенлиги мәлим болды.
Усы жағдай бойынша Әдиллик министрлиги айрим шахслар тәрепинен өзлерин “
мәмлекетлик өртти бақлау органлары хизметкерлери ” сыпатында таныстырған
жағдайда жалған мағлуматлар тийкарында пуқаралардан мажбурий төлем төлениуи
талап етилиўи нызамға қайшы келетуғынлығын мәлим қылған.
Пуқаралар мәжбүрий турде төмендеги коммунал хызметлер ушын төлемлерди
белгиленген тартипте төлеп барыуы лазым:
1.
Суўық суу тәмийнаты;
2.
Исси суў тәмийнаты (көп қабатлы уйлерде);
3.
Электр тәмийнаты;
4.
Газ тәмийнаты;
5.
Иссилиқ тәмийнаты (көп қабатлы уйлерде);
6.
Канализация (тутыныушы жалғанған болса);
Мәлим етилиўинше,, өрт хәм оның алдын алыу менен байланыслы қандайда бир
төлеп берилиўи шәрт болған коммунал төлем яки салық нызамшылықда жоқ.
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстың 209-1-статьясына көре,
формалы кийим кийип журиўи нәзерде тутылған министрликлер, мекемелер хәм
шөлкемлер әскерий хизметшилери ҳәмде қәнийгелер тастыйықланған улгидеги
әскерий, арнаулы формалы кийим бундай ҳуқыққа ийе болмаған шахслар тәрепинен
кийип журыў ушын жууапкершилик белгиленген.