22.12.2024, Екшемби

Кубань мәмлекетлик университети менен дефектология бойынша қоспа билимлендириў бағдарын ашыў мәселеси көрип шығылды


Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры, профессор Байрамбай Отемуратов Россия Федерациясындағы Кубань мәмлекетлик университетине хызмет сапары менен барды.

 Университет ректоры Михаил Астапов пенен болып өткен ушырасыўда еки жоқары оқыў орны басшылары 2018-жылдан берли жолға қойылған бирге ислесиўдиң нәтийжелери ҳаққында сәўбетлести.


Атап өтиў орынлы, 2018-жылы 18-19-октябрь күнлери Ташкент қаласында болып өткен Биринши Россия-Өзбекстан билимлендириў форумында еки жоқары оқыў орны арасында бирге ислесиў шәртнамасына қол қойылып, әмелий жумыслар басланған еди. Усы тийкарда Кубань мәмлекетлик университетиниң бирнеше профессор-оқытыўшылары НМПИге келип, студентлерге лекциялар оқып, конференция ҳәм семинарларға қатнасты. 2019-жылы институттың 10 студенти илимий басшылары менен биргеликте Кубань мәмлекетлик университетинде шөлкемлестирилген жазғы мектепте оқыў және әмелий курслардан өтип қайтты. Сондай-ақ, өткен 2020-жылы февраль-июнь айларында НМПИдиң еки магистранты усы университетте алты айлық алмасыў бағдарламасы тийкарында билим ҳәм көнликпелерин арттырып келди.


Ушырасыўда жоқары оқыў орынлары арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да күшейтиў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар додаланды. Атап айтқанда, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Кубань мәмлекетлик университети менен биргеликте рус тили бойынша сертификат беретуғын орай ашыў ҳәм оған Кубаньдағы белгили профессор-оқытыўшыларды қатнастырыў арқалы халықаралық сертификат бериўди жолға қойыў, дефектология тәлим бағдары бойынша келеси оқыў жылынан баслап «2+2» системасы тийкарында қоспа бакалавриат бағдарламасын шөлкемлестириў, институт жанындағы математикаға қәнигелестирилген мектепте Кубань мәмлекетлик университети профессор-оқытыўшылары менен биргеликте оқыўшылардың билимин арттырыў, олимпиадаларға таярлаў, соның менен бирге, еки жоқары оқыў орны профессор-оқытыўшылары менен бирге сабақлық, оқыўлық қолланбалар таярлаў және баспаға шығарыў мәселелери бойынша исленетуғын жумыслар келисип алынды.

НМПИ баспасөз хаткери.