Алдын хабар
бергенимиздей, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер
Кеңеси, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм Өзбекстан қорғаныўға
көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми менен биргеликте усы жылдың 18-20-июнь
күнлери Мойнақ районында «Ралли Мойнақ – 2021» автомобиль спорты жарыслары
шөлкемлестирилмекте.
Бас
Прокуратураның хабар бериўинше, жарысларға 51 автомобиль экипажы, 15 мотоцикл,
10 баггиде улыўма 127 спортшы қатнаспақта.
Бүгин,
18-июнь күни раллидиң салтанатлы ашылыўы болып өтти. Ашылыў мәресимине
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев
қатнасып барлық спортшыларға әўмет тиледи ҳәм жарысларға старт берилди.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.