«Абат аўыл» ҳәм «Абат
мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде республикамыздың шетки аймақларына ишимлик суўын
жеткерип бериў жумыслары алып барылмақта.
Қоңырат районындағы «Өрнек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағы турғынлары ушын таза
ишимлик суўын жеткерип бериў мақсетинде 1 588,4 миллион сум қаржы ажыратылып,
7,2 километр узынлықтағы суў трубасына реконструкция жумыслары алып барылмақта.
Бул ҳаққында «Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ баспасөщ хызмети хабар берди.
Реконструкция жумыслары толық жуўмақланғаннан соң аймақтағы 436 хожалықтың
ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланады.
Сондай-ақ, бағдарлама шеңберинде Шымбай районындағы «Оржап» мәкан пуқаралар
жыйыны аймағына 11,4 километр аралыққа ишимлик суўы тармағын тартыў жумыслары
әмелге асырылмақта.
«Арал механизация» ЖШЖ тәрепинен алып барылып атырған жумыслар нәтийжесинде
аймақтағы 410 хожалықтың ишимлик суўы менен тәмийинлениўи күтилмекте.
Ислам Матеков