22.12.2024, Екшемби

Қаратерең көлиндеги «Шолақ жайын» ҳаққында билесиз бе?

Арал теңизине шөлкемлестирилген пресс-тур даўамында бизге жолдаслық қылған Амир аға менен жол қысқарсын деп сәўбетлес болдық. Жаслығынан балықшылыққа қызығыўшылығы себепли көплеген көллерде балық аўлап, қызықлы ўақыялардың гүўасы болған Амир аға бизгеде бир ўақыяны айтып берди. Ылақа балық өзи жасап атырған суўының муғдары, оның патасланыўы ҳәм шорланыўы менен байланыслы мағлыўматларды алдыннан сезиў характерине ийе балық есапланады. Егерде көлде суў азайса, қуйрығын тислеп алып, домалап басқа көлге көшип өтеди екен. Бул ҳаққында ертеректе де еситкенбиз.


«1960-жылларда Арал теңизинде «Шолақ жайын» деген  балық жасаған. Оның шолақ жайын деп аталыўының себеби, қандайда бир себеп болып бир қалашынан айырылған.  Аралдың суўының қайтып баслағанын аңлаған «Шолақ жайын» 1967-жылда қуйрығын тислеп дөңгелек болып алады дә, Тахтакөпир районындағы «Қара терең» көлине келип түседи. «Қараң терең көлиниң тереңлиги 70 метрге шамалас болып жайынның жасаўы ушын оғада қолайлы. Соның менен бирге оның астында булақ болғанлығы себепли суўы тазарып турады екен. Мен өзим төрт мәртебе «Шолақ жайын»ды көргенмен. Арқасы қара жүдә үлкен, узынлығы 5-6 метрден кем емес. Суўдың бетине шығып 2-3 минут дем алады, соң қайта көлдиң түбине түсип кетеди. Балықшылар оны услаў ушын жүдә көп ҳәрекет еткен, ҳәтте мылтық пенен атыпта көрген. Деген менен оны услаў ҳеш кимге несип етпеген. Ақырғы рет 2004-жылда Қаратереңге барғанымда көрдим. Анық сол, «Шолақ жайын». Бирақ усы ўақытқа шекем оның бирде-бир қайыққа я балықшыға топылғанын еситпедим. -дейди сәўбетлесимиз.