Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 17-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде республикамызда «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» идеясын өзинде жәмлеген шөлкемлестириўшилик-әмелий, руўхый-ағартыўшылық және үгит-нәсиятлаў илажлары басланды.
Нөкис қаласындағы 46-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып өткен «Жаңа Өзбекстан-Жаңа Ренессанс» атамасындағы ушырасыўда республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы басшысы М.Ходжиматов, Өзбекстан халық артисти М.Йўлчиева, Өзбек мәмлекетлик драма театрының актёры, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Ҳ.Ташполатов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде соңғы жыллары әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға тоқтап өтти.
Атап
өтилгениндей, әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде елимиздиң сиясий,
ҳуқықый, социаллық-экономикалық, руўхый-ағартыўшылық турмысын түп-тийкарынан
жаңалаў, «Миллий тиклениўден – миллий раўажланыўға қарай» идеясын реал ўақыяға
айландырыў бағдарында салмақлы жетискенликлерге ерисилмекте. Жаңа Өзбекстанды
қурыў мақсетинде кең көлемли реформалар, турмысымыздың барлық пуқараларын
еркинлестириў, экономика ҳәм оның тармақларын, жеке меншик исбилерменликти
жедел раўажландырыў бағдарында үлкен өзгерислер халқымызды айрықша қуўанышқа
бөлемекте. Әлбетте, булардың тийкарында елимиздиң өз ғәрезсизлигине ерискенлиги
болып табылады.
Быйылғы
жылы елимиздиң мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз жыллық байрамы кең түрде
белгиленеди. Мәмлекетимиздиң барлық жерлеринде бул үлкен байрамды жоқары
дәрежеде өткериўге ҳәр тәреплеме таярлық жумыслары алып барылмақта. Усы
мүнәсибет пенен республикамызда белгили илимпазлар, дөретиўши зыялылар ҳәм
жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасында өткерилип атырған
мәдений-ағартыўшылық илажлар ҳәм әдебий кешелердиң тийкарғы мақсети, миллий
ғәрезсизлигимиздиң мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин халқымыз арасында кеңнен
үгит-нәсиятлаў болып табылады.
Ҳақыйқатында да, өткен қысқа ўақыт ишинде пуқаралардың социаллық машқалаларын шешиў, ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, оның реал дәраматларын избе-из арттырып барыў, тәлим-тәрбия, илим, мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият, спорт тараўларын түп-тийкарынан раўажландырыўға айрықша әҳмийет берилмекте. Жәмийетимизде тынышлық ҳәм турақлылық, миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў, жасларды миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдриятлар руўхында тәрбиялаў бойынша әмелге асырылып атырған әҳмийетли жумыслар әмелге асырылғанлығы айрықша атап өтилди.
-Бүгин
күни қайсы тараўды алып қарамайық, унамлы өзгерислердиң гүўасы боласыз,-дейди
Өзбекстан халық артисти Муножат Йўлчиева.-Буны Қарақалпақстан Республикасы
мысалынан да айқын көриўимизге болады.
Усы күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик
университетинде «Беккем шаңарақ-жәмийет көрки» темасында дөгерек сәўбети,
Нөкис қаласындағы «Бестөбе» мәкан пуқаралар жыйынында «Мәҳәллем мақтанышым
мениң-тынышлығым бахтым мениң!» темасында халық пенен ушырасыў ҳәм басқа да
илажлар болып өтти.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.