23.12.2024, Дүйшемби

Интеллектуал мүлк – мәмлекет қорғаўында


Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 28-январь күнги “Интеллектуал мүлк объектлерин қорғаȳ системасын жетилистириȳ                ис-илǝжлары ҳаққында”ғы Қарарына тийкар Ɵзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Интеллектуал мүлк агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы, ȳǝлаятлар ҳǝм Ташкент қаласында  “Интеллектуал мүлкти қорғаў орайлары” шɵлкемлестирилди солар қатарында Қарақалпақстан Республикасы “Интеллектуал мүлкти қорғаў орайы” ашылғанлығы мунәсебети менен “Интеллектуал мүлк – мәмлекет қорғаўында” атасмасында ушрасыў ѳткерилди. Ушырасыȳда бирге ислесиȳши  мǝмлекетлик органлар ȳǝкиллери, ɵним ислеп шығыȳшы ири исбилерменлер, ɵнерментлер, жазыȳшылар, қосықшылар ҳǝмде композиторлар қатнасты.  Ɵткерилген ушырасыȳда тийкарынан орайдың ашылыȳ мақсети, ȳазыйпалары, функциялары ҳǝмде кɵрсететуғын хызметлери ҳаққында ушырасыȳ қатнасыȳшыларына кеңнен түсиниклер берилди. Атап айтқанда орайдың ашылыȳынан тийкарғы мақсет Интеллектуал мүлк ҳуқуқы ийелериниң нызамлы мǝплерин қорғаȳ,       сондай-ақ, исбилерменлердиң ɵзлериниң миллий брендлерин жаратыȳда ҳǝмде базарларда ɵз орынларын табыȳда жақыннан жǝрдемлесиȳ.

 Орайлардың тийкарғы ȳазыйпалары тɵмендегилерден ибǝрат:

 контрафакт ɵнимлерин ислеп шығарыȳ ҳǝм олардың айланысына, сондай-ақ, интеллектуал мүлк ҳуқуқларының бузылыȳына қарсы системалы ҳǝм нǝтийжели қарсы-гүресиȳде қатнасыȳ, тийкарынан, ескертиȳ ҳǝм усыныснама киритиȳ, ҳǝкимшилик баяннамалар дүзиȳ;

 орынларда интеллектуал мүлк объектлерин мǝмлекетлик дизимнен ɵткериȳ менен байланыслы тараȳға кɵмеклесиȳ;

 интеллектуал мүлк тараȳында ҳуқуқты қоллаȳ ǝмелиятын бирдей ислеȳин тǝмийинлеȳ бойынша ис-илǝжларды ǝмелге асырыȳ;

 жǝмийетте интеллектуал мүлкке болған ҳуқуқый мǝдениятты асырыȳ ҳǝм ҳүрмет сезимин қǝлиплестириȳ мақсетинде интеллектуал мүлк ҳуқуқлары бойынша қабылланып атырған нызамлар ҳǝмде норматив-ҳуқуқый ҳүжжетлердиң мазмун мǝнисин ҳǝм ǝхмийетин кең жǝмийетшиликке жеткизиȳ болып есапланады.

 Жоқарыдағыларға тийкар исбилерменлер, мǝденият тараȳы ȳǝкиллери ҳǝмде пуқараларымыздың интеллектуал мүлкке болған ҳуқуқлары бузылған жағдайларда орайымызға мүрǝжат етиȳин сораймыз.

 Мǝнзилимиз Нɵкис қаласы, Тɵрткүл гүзары 59-жай. Бағдар Қарақалпақстан Республикасы Əдиллик министрлиги имǝраты. Байланыс ушын телефонлар. (97) 355-86-50, (97) 787-75-75.

 

 Қарақалпақстан Республикасы “Интеллектуал мүлкти қорғаў орайы”