Нөкис районында Дән ҳәм салы илимий-ислеп шығарыў бирлеспесиниӊ бийдай
атызында көргизбели семинар болып өтти. Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы
Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери бойынша
комитет баслығы Д.Утамбетов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси
баслығының орынбасары С.Хожаметов, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы
министри А.Якупов, район ҳәкими О.Уснатдинов ҳәм тийисли тараў қәнигелери
қатнасты. Семинарда еӊ баслы мәселелердиӊ бири, 2021-жылдыӊ өними ушын ғәлле
майданларын апробациядан өткериў ҳәм келеси жылы бийдайдыӊ өнимдарлығын
арттырыў мақсетинде туқым менен тәмийинлеўге пухта таярлық көрыў бойынша атап
өтилди. Нөкис районында 6300 гектар майданға бийдай егилген болса, соннан 19
фермер хожалығының 800 гектар майданы туқымлық есапланады. Оған
Краснодар-99, Восторг, Элита, Дурдана, Давр ҳәм тағы басқа
сортлары егилген.
Нөкис районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети