23.12.2024, Дүйшемби

Арал теңизи регионы бойынша арнаўлы резолюция қабылланды


БМШ Бас Ассамблеясы Арал теңизи регионы бойынша арнаўлы резолюция қабыллады

БМШ Бас Ассамблеясы 75-сессиясының 18-май күни болып өткен жалпы мәжилисинде Арал теңизи регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар зонасы деп жәриялаў ҳаққында Өзбекстан Президенти      Шавкат Мирзиёев тәрепинен усыныс етилген арнаўлы резолюция бир даўыстан қабыл етилди. Бул ҳаққында Сыртқы ислер министрлигиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Қарарды 60 қа шамалас мәмлекет мақуллады. Онда БМШ Бас Ассамблеясы Арал теңизи регионындағы экологиялық, социаллық, экономикалық ҳәм демографиялық жағдайды жақсылаўға қаратылған регионаллық илажлар ҳәм басламаларды қоллап-қуўатлайтуғыны атап өтилген.

Еслетип өтемиз, Шавкат Мирзиёев 2020-жыл сентябрь айында Аралбойы регионын экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында БМШ резолюциясын қабыл етиўди усыныс еткен еди.