23.12.2024, Дүйшемби

Жазыўшы шайырлардың урыс дәўиринде қарақалпақ әдебиятына қосқан үлеси атамасында байрам илаж шөлкемлестирилди

Пайтахтымыздағы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларыныӊ байрақлары орнатылған майданда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақстан жазыўшылар аўкамы менен биргеликте 9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнин» көтериӊки руўхта белгилеў ҳәм екинши жер жүзлик урыстағы жеңиске 76 жыл толыўы мүнәсибети менен жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, жас әўладты китапқумарлыққа қызықтырыў, елимиздеги белгили жазыўшы шайырлардың урыс дәўиринде қарақалпақ әдебиятына қосқан үлесин кеңнен сәўлелендириў мақсетинде «Қарақалпақ әдебияты ўәкиллериниӊ жеӊиске қосқан үлеси» атамасындағы мәдений-рухый илаж шөлкемлестирилди.


Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиӊ басламасы менен шөлкемлестирилип атырған илажда Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары Ж.Абдижамилов , Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайыныӊ баслығы Т.Атамуратов, Қарақалпақстан жазыўшылар аўкамыныӊ баслығы К.Кәримов,  жазыўшы- шайырлар, кеӊ жәмийетшилик, жаслар ҳәм  ғалаба хабар қуралларыныӊ ўәкиллери қатнасты.


Илаж даўамында Қарақалпақстан жазыўшылар аўкамыныӊ баслығы К.Кәримов шығып сөйлеп, қарақалпақ әдебияты ўәкиллериниӊ урысқа, яғный жеӊиске қосқан үлеси, сондай-ақ, олардыӊ ишинде урысқа қатнасқан ҳәм соныӊ менен бирге көркем дөретиўшилик пенен шуғылланған зыялылар және сол дәўирлерди дөретиўшилик шеберлик пенен сүўретлеп, келешек әўладларға тынышлық ҳәм парахатшылық заманымызға шүкирлик етиўдей үлкен руўхый тәрбия берген ҳәзирги дәўирдеги жазыўшы-шайырлар ҳақкында да тоқтап өтти.


Сондай-ақ, Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театр актёрлары ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған урыс жылларына байланыслы сахналық көринис ҳәм сол дәўирлерде атқарылған нама қосықлар илаждыӊ көркемлигин және де байытты.









Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан бақармасыныӊ жаўынгер хызметкерлери белсене қатнасып жыйналғанларға “Қол гүреси” ҳәрекетлери ҳәм кеўиллерди өзгеше толқынландырыўшы Ана-Ўатан ҳаққындағы нама-қосықларын усынды.

 

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиӊ Мәлимлеме хызмети