9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни
Екинши жер жүзилик урыс миллионлаған бийгүнә адамлардың бийўақ өлимине, үлкен жоғалтыўлар ҳәм апатшылықларға себепши болған дүньядағы ең қорқынышлы, қанлы қырғынлардың бири сыпатында адамзат тарийхында мөрленип қалды. Көп миллетли Өзбекстан халқы да ҳақыйқый мәртлик ҳәм пидайылық көрсетип, фашизм үстинен ерискен жеңиске үлкен үлес қосты.
Атап айтқанда, 2 миллионға шамалас ўатанласларымыз саўашларда қатнасып, олардың 500 мыңнан асламы қаҳарманларша қайтыс болды. Соның менен бирге, урыс дәўиринде республикамыз фронт ушын зәрүр болған азық-аўқат, кийим-кеншек, қурал-жарақ ҳәм басқа да зәрүр нәрселерди жеткерип беретуғын әҳмийетли тәмийнат орайларынан бирине айланды.
Әсиресе, ўатанласларымыз урыслар даўам етип атырған аймақлардан Өзбекстанға көширилген 1,5 миллионнан аслам кекселер, ҳаяллар ҳәм жас нәрестелерди қушағына алып, аўыр ўақытларда оларға шексиз ғамхорлық көрсетти.
Өзбекстанның басқа барлық аймақлары қатарында Қарақалпақстаннан да Екинши жер жүзилик урыста көплеген адамлар қатнасқан ҳәм қаҳарманлық үлгилерин көрсеткен. Атап айтқанда, 1941-жылдың 1-ноябрине шекем Қарақалпақстанда 20 батальон, 114 рота, 955 бөлим шөлкемлестирилген. 1941-жыл 3-декабрьде 97-Қарақалпақ айрықша миллий бригадасы дүзилип, оның қатарларына өз ерки менен 5 мың 500 хызметкер ҳәм жаслар кирген.
Сол дәўирде Сабыр Камалов – Өзбекстан Компартиясы Қарақалпақстан областьлық комитетиниң биринши хаткери, Мәтеке Жуманазаров – ҚҚАССР Жоқарғы Совети Президиумы баслығы, Пиржан Сейтов болса республикалық Халық комиссарлары советиниң баслығы болып ислеген. Қарақалпақстанның атақлы мәмлекетлик ғайраткери Қаллибек Камалов Екинши жер жүзилик урыс дәўиринде ерлик көрсеткен әне усы тарийхый тулғалар мийнетине жоқары баҳа берген.
Соның ишинде, Пиржан Сейтов, Наўрыз Жапақов, Мәтеке Жуманазаров ҳаққында атап өтер екен, Қ.Камалов былай деген: «Отызыншы жыллардың ақыры, Екинши жер жүзилик урыс, халық хожалығын қайта тиклеў. Ақсақалларымыздың республикаға басшылық етиўи тап усы жылларға туўра келген. Бизге белгили, сол жыллар жоқшылық ҳәм жетиспеўшилик дәўири болып, адамлардың турмыс дәрежеси кескин төменлеген, мәмлекетлик тәмийнат бираз қысқарып кеткен еди. Жер өгиз ямаса ешек қосылған гүнде, бир ўақытлары ҳәттеки кетпен менен қайта исленип, егин шығырларда суўғарылатуғын еди. Сондай аўыр сынақлы жылларда ақсақалларымыз елдиң абаданлығы, республикамыздың абатлығы ҳәм раўажланыўы жолында ҳадал хызмет еткен, адамларды жедирип-иширген, халқымыздың аўызбиршилигин көз қарашығындай қәстерлеп сақлаған еди».
Пиржан Сейтовтың еске түсириўлери де итибарға ылайық. «Ҳәмме Ўатан қорғаўға атланған еди, – деди П.Сейтов сол ўақытлары. – Егер 18 ден 40 жасқа шекемги жигитлер фронтқа кеткен болса, 40 тан 50 жасқа шекемги ерлер жумысшы батальонларына мобилизацияланған еди. Ҳәр қандай қыйыншылықларға қарамастан, халқымыз егин егиў ҳәм ғаўашаны шырпыў жумысларын тоқтатпаған. Ҳәттеки, пахта өнимдарлығы бойынша алдынғы көрсеткишлер дәрежеси сақлап қалынған еди. Ҳәр бир дийқан хожалығы өз жеке қыйтақ жеринен фронтта саўашқа қатнасып атырғанлар ушын 35 килограммнан гөш ҳәм 3 килограммнан май тапсырыў миннетин өз мойнына алған еди.»
Саўашта 66 мың қарақалпақстанлы қатнасқан ҳәм олардан 34 мыңы саўашларда қайтыс болған. Қарақалпақстаннан фронтқа мобилизацияланған 14 мыңнан аслам жаўынгерге жаўынгерлик хызметлери ушын мәмлекетлик сыйлықлар – атақ, орден ҳәм медальлар берилген.
Екинши жер жүзилик урыста мәртлик көрсеткени ушын 1942-жылы – Абдулҳақ Умеркин, 1943-жылы – Оразбай Жуманиязов, Андриан Пишчулин, Николай Сараев, 1944-жылы – Махаш Балмағамбетов, Жумағали Қалдықараев, Иван Махорин, Инаят Наўрызбаев, Александр Симанов, 1945-жылы – Орынбай Абдуллаев, Дмитрий Бернацкий, Михаил Булатов, Плис Нурпейсов, Александр Трошков, Жуман Қарақулов «Советлер Аўқамы Қаҳарманы» атағы менен сыйлықланған.
Буннан тысқары, қарақалпақстанлы жаўынгерлерден Ефим Беспалов, Александр Заика, Әлимбай Аманбаев, Рейим Сайпназаров, Тилеўмурат Өтемуратов, Жолдасбай Қалимбетов «Слава» («Даңқ») ордениниң толық кавалери болды.
Урыс жылларында фронт артында да Қарақалпақстанның халқы үлкен ерлик көрсеткен. Фронт арты ислеринде 25,5 мыңнан аслам адам мийнет еткен болса, 75 мың 400ден аслам қарақалпақстанлы нәўқыран жигит-қызлар урыстың түрли салаларында өзиниң пуқаралық ўазыйпасын атқарған. Урыс жылларында 90 мыңнан аслам халық суўық, ашлық ҳәм эпидемия себепли қайтыс болған.
Соған қарамастан, Қарақалпақстан Республикасында мәдений ҳәм руўхый-ағартыўшылық турмыс тоқтап қалмаған. Соның ишинде, бул жерде 1944-жылы үш факультет – қарақалпақ тили, әдебияты ҳәм тарийхы; физика-математика; рус тили ҳәм әдебияты факультетлеринен ибарат Педагогика институты ашылған.
1944-жыл 30-август күни Қарақалпақстан мәмлекетлик театры сахнасында «Лейтенант Елмуратов» атамасында пьеса көрсетилген. Қарақалпақстанлылардың урысқа қатнасыўына байланыслы усы биринши пьесаның авторы отставкадағы киши сержант Жолмурза Аймурзаев есапланады.
Сондай-ақ, жазыўшы ҳәм драматург Әмет Шамуратов «Қырққыз» драмасында сулыў ҳәм қаҳарман қыз Гүлайымның басшылығында өз халқының азатлығы ушын гүрескен қырқ қарақалпақ қызы мәртлигин көрсеткен. Атақлы қарақалпақ шайыры Бердақтың «Ерназарбий» дәстаны болса жазыўшы Раҳим Мажитовты мәртликти жырлаўға бағышланған жаңа драма жаратыўға илҳамландырған.
1944-жыл 24-декабрьде Қарақалпақстан ўәлаяты дүзилгениниң 20 жыллығы белгиленген. Усы мүнәсибет пенен ел-журт арасында белгили 200 адам: дийқанлар ҳәм агрономлар, жазыўшылар ҳәм көркем өнер хызметкерлери, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер түрли сыйлықлар менен сыйлықланған.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 20-апрельде қабыл етилген «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў илажлары ҳаққында»ғы қарарында атап өтилгениндей, халқымыздың тарийх бетлеринде өшпес ҳәриплер менен жазылған мәртлик ҳәм ерлиги, уллылығы, мийирим-шәпәәти ҳәм жоқары мәнаўияты ҳәммемиздиң жүреклеримизге мәңги мақтаныш бағышлап, перзентлеримизди ўатансүйиўшилик ҳәм ата-бабалардың мәртлигине садықлық руўхында тәрбиялаўда илҳамландырып келмекте.
Соның ушын басқыншы ҳәм жаўыз күшлерге қарсы аўыр гүреслерде бүгилмес ерк-ықрар ҳәм мәртлик көрсетип, бүгинги тыныш күнлеримиз ушын жанын пидә еткен мәрт ўатанласларымыздың муқаддес естелигин ҳүрметлеў ҳәм ветеранларымыздың ҳүрметин орнына қойыў елимизде ийгиликли дәстүрге айланған.
Усы күнлерде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2019-жыл 23-октябрьде қабыл етилген «Екинши жер жүзилик урыста ерискен жеңистиң 75 жыллығын мүнәсип белгилеў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, мәмлекетимиз пайтахты – Ташкентте жаңа тарийхый мағлыўматлар ҳәм ҳәр тәреплеме пухта исленген жойбарлар тийкарында «Жеңис парки» естелик комплексиниң қурылғанына бир жыл толды;
Мәмлекетимиз басшысы 2020-жыл 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 75 жыллығын мүнәсибети менен Жеңис паркиниң салтанатлы ашылыў мәресиминде атап өткениндей, «Бул бийтәкирар комплекс қаҳарман халқымызға мүнәсип болып, ҳәм архитектуралық жақтан, ҳәм тарийхый-руўхый жақтан оғада сийрек ушырасатуғын ҳәм саўлатлы зыярат етиў орны болып бой тикледи».
«Жеңис парки» естелик комплекси – Президентимиздиң басламасы ҳәм идеясы тийкарында қурылған саўлатлы парк мине усындай етип аталғаны бийкарға емес. Нәтийжеде, комплекс «Мәртлик гимни», «Мәңги мәртлик», «Көз жасы» монументлери ҳәм «Даңқ» мәмлекетлик музейи сыяқлы әҳмийетли естелик объектлерин өзине қамтып алған.
«Даңқ» мәмлекетлик музейиниң залларында Ўатанымыздың көплеген қаҳарман перзентлери қатарында қарақалпақстанлы мәрт улларының мәртлиги ҳәм ерлиги ҳаққында айтып беретуғын сийрек гезлесетуғын тарийхый экспонатлар көргизбеге қойылған.
Өзбекстан Президентиниң қарарында Нөкис қаласы ҳәм ўәлаятлардың орайларында жас әўладты ана Ўатанға меҳир ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаўға қаратылған, Екинши жер жүзилик урыс дәўирине байланыслы әскерий техника, тарийхый экспонатлар, инсталяцияларды өз ишине алған заманагөй «Ўатансүйиўшилик» парклерин жаратыў белгилеп берилген. Бүгинги күнде Нөкис қаласында «Ўатансүйишилик бағы» комплекси өз жумысын баслады.
Жуўмақ орнында соны айрықша атап өтиў керек, Қарақалпақстан историографиясында Екинши жер жүзилик урысы дәўириниң тәрийхын үйрениўде биринши мәрте 1964-жылы «Қарақалпақстан АССР тарийхынан очерклер» китабы мысалында әҳмийетли қәдем қойылғанлығын айрықша атап өтиў зәрүр. Бунда профессор Ш.Бабашевтиң үлкен хызметлерин тән алыў зәрүр.
Тарийх илимлериниң докторы, профессор Б.Кощанов ҳәм тарийх илимлериниң кандидаты, доцент С.Сайманов атап өткениндей, Қарақалпақстан Республикасының Екинши жер жүзилик урыс дәўири тарийхын үйрениў әҳмийетли сиясий, илимий ҳәм әмелий әҳмийетке ийе.
Усы жерде тарийхшы илимпазлар бул бағдарда алға қойған жуўмақлардан келип шығып, төмендеги усынысларды билдиремиз.
Бириншиден, урыс демографияны өзгертип жиберди. Егер урысқа шекем Қарақалпақстан халқы 510 мың адамды қураған болса, бул көрсеткиш 1959-жылға келип ғана қайта тикленди. Урыста жеңилген 34 мың жаўынгерден тысқары, фронт артында эпидемия, ашлық ҳәм суўық ақыбетинде 90 мың адам қайтыс болған. Усы мәнисте, келешекте бул бағдарда изертлеўлер алып барыў ҳәм излениўлердиң нәтийжелерин жәриялаў мақсетке муўапық.
Екиншиден, Қарақалпақстан Республикасының барлық музейлеринде Екинши жер жүзилик урыс дәўирине байланыслы экспонатлар: хатлар, сүўретлер, архив ҳүжжетлери ҳәм түрли тарийхый буйымлар жәмленген. Бирақ, усы ўақытқа шекем Қарақалпақстанда урыстың пүткил қорқынышлы ақыбетлерин ашып бериўге хызмет ететуғын айрықша бир музей жоқ. Усыны есапқа алған ҳалда, Нөкис қаласындағы «Ўатансүйиўшилик парки» комплекси аймағында ямаса жанында Ташкенттеги «Даңқ» музейине уқсайтуғын музей жаратылса нур үстине нур болар еди.
Үшиншиден, ҳәзирге шекем Екинши жер жүзилик урыс дәўириниң тарийхы ҳаққында сөз болғанда, тийкарынан қарақалпақ халқы перзентлериниң саўашлардағы мәртлиги ҳәм фронт артындағы ерлиги ҳаққында айтып бериў менен шекленбекте. Усы көзқарастан, келешекте сол дәўирдиң тарийхын үйрениўде Қарақалпақстан халқының күнделикли турмыс тәризи қандай өткенине көбирек итибар қаратыў зәрүр.
Төртиншиден, елеге шекем 1943-жылдағы Қоңырат ўақыясы, яғный усы район халқының саўашқа мобилизация ушын жуўапкер әскерий офицерлердиң зорлығына қарсы наразылық шығыўлары менен байланыслы мағлыўматлар изертленбеген. Бул бағдардағы дәслепки үйрениўлер, сол ўақытта Қарақалпақстанға халықты Сибирьге депортация етиў қәўпи ҳаққында илимий-ҳүжжетли китап жазыўды талап етеди, деген пикирдемиз.
Бесиншиден, бүгинги күнде ата-бабаларымыздың сол қорқынышлы саўаштағы қатнасы ҳаққында және де айдын илимий ҳәм тарийхый шығармалар жазыў дәўирдиң әҳмийетли талабына айланды. Атап айтқанда, тарийхый ҳүжжетлер ҳәм архив мағлыўматлары тийкарында «Қарақалпақстан халқының фашизм үстинен ерисилген жеңиске қосқан үлеси» атамасындағы салмақлы китап-альбом таярлаў ҳәм баспадан шығарыў мақсетке муўапық болып есапланады.
Акмал Саидов,
Юридика илимлериниң докторы,профессор,
ӨзИА академиги
Қарақалпақстан хабар агентлиги