22.12.2024, Екшемби

2,5 соток ыссыханадан 5 тонна қыяр

Мен жумыссызбан маған оны бер, буны бер деп отырмай үй қапталы қыйтақ жеринен үнемли пайдаланыўды мақсет еткен заманласымыз, Нөкис қаласы турғыны Абубакиров Турғалий 2019-жылдан баслап ыссыхана жумысы менен шуғылланады. Ол 2,5 соток жерге қурылған ыссыханада шаңарақ ағзалары менен бирге мийнет етип, жылына 5 тонна қыяр жетистиреди ҳәм сол арқалы дәрамат табыўды меңгерген. Итибарлы тәрепи ыссыханада тамшылатып суўғарыў технологиясынан пайдаланады. Бул өз гезегинде кем қәрежет жумсап көп дәрамат табыўға имканият жаратады.

Тек ғана ыссыхана менен шекленип қалыўды өзине еп көрмеген Турғалий Абубакиров үйинен нан цехын шөлкемлестирип, өзи жасап атырған аймақ турғынларына сапалы хызмет көрсетпекте.