22.12.2024, Екшемби

Нөкис қаласы аймағындағы 4Р 176 "а" автомобиль жолы қала әҳмийетиндеги магистрал көше талаплары бойынша 6 полосалы етип курылады

Нөкис қаласы аймағындағы 4Р 176 "а" республикалық әҳмийеттеги автомобиль жолының 0-5-км аралығында реконструкция яғный, автомобиль жолын кеңейтиў жумыслары алып барылмақта. Реконструкция жумысларына 15 млрд. сўм қаржы ажыратылған болып, оңлаў жумыслары Қарақалпақстан Республикасы Жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен әмелге асырылмақта.  Жойбар смета ҳүжжетлери бойынша автомобиль жолы қала әҳмийетиндеги магистрал көше талаплары бойынша 6 полосалы етип курылады.

 


Минстрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети