Бүгин Германия Федеративлик Республикасы «Дойче Велле» Академиясының Орта Азия мәмлекетлеринде билимлендириў жойбары бойынша менеджери Лидии Ранерт ҳәм Ғалаба хабар қураллары бойынша тренери Виктор Рудник Қарақалпақстан Республикасында болмақта.
Усы сапар етиўден тийкарғы гөзленген мақсет – еки тәрептиң бирге ислесиўи арқалы жаңа перспективалы жойбарларды әмелге асырыў нәтийжесинде Өзбекстанда журналистиканың раўажланыўын қоллап-қуўатлаў. Усы жойбарлардың болса, Германияның економикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў Федераллық министрлиги тәрепинен қаржыландырылыўы режелестирилген.
Сондай-ақ, Л.Ранерт усы сапар етиўи даўында быйылғы гүз мәўсиминде журналистлер ушын еки семинар-трениг шөлкемлестириў бойынша да сөйлесиўлер алып барады. Семинар-тренинглер даўамында ҒХҚ да менеджмент тийкарлары ҳәсм дәстүрий Ғалаба хабар қуралларын онлайн-баслымларға айландырыўдың заманагөй усылы терең меңгериледи. Усы мақсет ушын Федералллық министрлик тәрепинен 30 мың евро грант ажыратылыўы нәзерде тутылған.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети