Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-апрель күни Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен телефон арқалы сөйлести.
Мәмлекет басшылары Тәжикстан-Қырғызстан шегарасындағы жағдайдың раўажланыўын додалады.
Өзбекстан Президенти жүзеге келген жағдайды тез пурсатта шешиў ҳәм оның кескинлесиўине жол қоймаў бойынша Тәжикстан ҳәм Қырғызстан тәреплери ерискен келисимлерди қоллап-қуўатлады.
Барлық мәселелер дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм шериклик қатнасықлары руўхында, тек сөйлесиўлер ҳәм мәсләҳәтлесиў жолы менен шешиў әҳмийетли екени атап өтилди.
Тәжикстанға болажақ жоқары дәрежедеги сапарға таярлықтың барысы да көрип шығылды. Мәмлекетлеримиздиң бас министрлери өткен ҳәпте Хожанд қаласында өткерген әмелий ушырасыўдың унамлы нәтийжелери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасында узық мүддетли перспективаға мөлшерленген кең көлемли бирге ислесиўдиң жаңа «өсиў ноқатлары»н анықлаў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди.
ӨзА