23.12.2024, Дүйшемби

Еки мың бас туўалақ тәбият қушағына жиберилди


Бүгинги күни жоғалып кетиў қәўпи астындағы сийрек ушырасатуғын қуслардан бири–еки мың бас туўалақ Қоңырат районы аймағында тәбият қушағына жиберилди.

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Экология комитетиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Илаж Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм «Falcon Hunting Solutions»компаниясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Қызыл китабына ҳәм Тәбиятты қорғаў халықаралық шөлкеминиң Қызыл китабына киргизилген жоғалып кетиў қәўпи астында турған қусты сақлап қалыў мақсетинде әмелге асырылды. Бул қуслар Бирлескен Араб Әмирликлерине қараслы болған «International fund for houbara conservation» орайында көбейтилген.

Еслетип өтемиз, халқымыз арасында жорға туўалақ деп аталыўшы бул қус 2009-жылы Өзбекстан Республикасы Қызыл китабына сийрек ушырасатуғын түр сыпатында киргизилген. Олар Қызылқум шөлистанлықларында жасайды. Қәнигелердиң атап өткениндей, бул қуслардың бас саны ҳәм жасаў орны 1960-жыллардан баслап азайыўды баслаған.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы