Қанлыкөл районы «Қуламет жыраў» Аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары атызда мийнет етиў барысында таң қаларлық тарийхый хожалық ыдыслары сынықларын таўып алды.
– «Қуламет жыраў» АПЖ аймағындағы Марат исимли дийқан фермер хожалығының егислик атызы жанындағы изейкеш (коллектор) тиң жағасынан табылған бул табылмаларды жергиликли халықтың жасы үлкенлери қырық жыл хийўа ханының мөрин услаған Қутлымурат бийге тийисли, деп болжамақта, – дейди бизге хабар берген АПЖ турғынларының бири.
Хош, бул туўралы тарийхшы илимпазларымыз не дейди?
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети