Бүгин 26-апрель күни Нөкис қаласындағы Дослық каналына өзин таслаған қыздың өмири сақлап қалынды. Бул ҳаққында Миллий гвардияның Мәлимлеме хызмети хабар бермекте.
Азаңғы саат 8:30 ларда жетип келген хабарға бола ўақыя орнына жетип келген Миллий гвардия хызметкерлери өзин каналға таслаған қызды қутқарып қалады.
Ҳәзирги ўақытта жүз берген жағдай бойынша Нөкис қаласы ИИБ тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта. Дәслепки хабарларға қарағанда пуқара 2000-жылда туўылған Д.Н екенлиги анықланған.