Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басламасы менен халыктың социаллық жәрдемге мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў мақсетинде орынларда «Жаслар дәптери», «Ҳаяллар дәптери», «Темир дәптер» сыяқлы дизимлер енгизилген еди. Бул дәптерлердеги халықты ҳәр тәреплеме қоллап-қўўатлаў, олардың ҳалынан хабар алыў, «Жаслар дәптери»не киритилген жасларға ғамхорлық етиў, олардың ҳәр тареплеме жетик, озық ойлы баркамал әўлад етип тәрбиялаў, руўхый дүньясын жоқарылатыў бағдарында бир қанша жумыслар алып барылмақта.
Жақында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы директоры ҳәм филиал Кәсиплик аўқамы шөлкеми басламасы менен Нөкис каласындағы Қосбулақ ҳәм Телеорай макан пуқаралар жыйынлары аймағында жасаўшы «Темир дәптер»ге киритилген жаслар менен биргеликте Хийўа қаласына саяхат шөлкемлестирилди.
– Бул саяхатты шөлкемлестириўден мақсет, филиал ҳәм макан пуқаралар жыйынлары менен бирге ислесиўди еледе беккемлеў, жасларды, әсиресе, «Темир дәптер»ге киритилген жаслардың руўхый дүньясын байытыў, оларда ана Ўатанға садықлық руўхын жетилистириўде әмелге асырылып атырған жумысларды кеңнен үгит-нәсиятлаў болып табылады. – дейди филиал кәсиплик аўқамы баслығы Б.Бегжанов. – Бундай илажларды тураклы түрде өткерип турсақ ҳәм мәҳәллелер менен бирге ислесиў арқалы жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў илажларын кең түрде алып барсақ мақсетке муўапық болады.
Шөлкемлестирилген саяхаттан жаслар үлкен тәсирлер алды.