30.10.2024, Сәршемби

«Темир дәптер», «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»ниң орынланыўы сын көз-қараста көрип шығылды

Бүгин «Темир дәптер», «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»ниң орынланыўы, дизимге алынған пуқаралар бәнтлигиниң қай дәрежеде тәмийинленгени бойынша Министрлер Кеңесинде видеобайланыс арқалы мәжилис болып өтти. Оған барлық ҳәкимликлер, министрликлер менен шөлкемлер басшылары ҳәм жуўапкерлер қатнасты. Сын көз-қараста болып өткен мәжилисте район ҳәкимликлериниң «Темир дәптер», «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери» бойынша әмелге асырылып атырған ислери жөниндеги баянатлары тыңланды.

 


Мәжилисте Министрлер Кеңеси Баслығы Қахраман Сариев тәрепинен жуўапкерлердиң жол қойған қәте кемшиликлери атап өтилип, қысқа мүддетте сапластырыў бойынша тапсырмалар берилди.