Шетки аймақларда халықтың қыстаўлы тез
медициналық жәрдемге болған мүтәжлигин қанаатландырыў мақсетинде Қарақалпақстан
Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Мурад Қурбанов Қоңырат районы
ҳәкимлиги менен биргеликте Қоңырат районының шетки аймақларынан есапланған
«Жаслық» ҳәм «Қарақалпақстан» посёлкаларында болды.
Район орайынан 180 км узақлықтағы
«Жаслық» посёлкасында районлық медицина бирлеспесине қараслы көп тармақлы
поликлиниканың филиалы жайласқан болса, «Қарақалпақстан» посёлкасында 67-санлы
шаңарақлық поликлиника искерлик көрсетпекте. Бул жерлерде қыстаўлы тез
медициналық жәрдем көрсетиўдиң сапасын жақсылаў ҳәм халыққа сапалы қыстаўлы тез жәрдем көрсетиўин тәмийинлеў
мақсетинде «Газель» маркалы тез жәрдем автомашиналары тапсырылды.
Соның менен бирге, «мәҳәллебай» ислеў системасы бойынша медицина мәкемелериниң искерлиги үйренилди ҳәм бул бойынша жуўапкер қәнигелерге көрсетпе ҳәм усыныслар берилди.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң
Мәлимлеме хызмети