Бүгин, 21-апрель күни пайтахтымыздағы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларға бағышланған баспасөз конференциясы болып өтпекте.
«Kar24.uz» сайтының хабар бериўинше, баспасөз конференциясында Транспорт министри орынбасары Т.Сарыбаев 2025-жылға шекем Нөкис қаласында жолаўшыларды тасыў мақсетинде «Дамас»лардан ўаз кешилетуғынын, олардың орнына автобусларды көбейтип, электрон төлеў системасына өтиў жобаластырылғанын атап өткен.