23.12.2024, Дүйшемби

Аўқатланыў орынлары ҳәм автобуслардағы орынлар саны шекленеди

Бас министр Абдулла Арипов басшылығында коронавирусқа қарсы гүресиў комиссиясының кеңейтилген жыйналысында мәлим етилиўинше, буннан былай барлық аўқатланатуғын жерлерде орынлар 50 процентке шекем шекленеди, бирақ 100 адамнан артып кетпеўи қадағалаўға алынады.

 

Сондай-ақ, автобусларда орынлар саны 50 процентке шекем шекленеди. Өз гезегинде, автобуслар саны көбейтиледи.

Сондай-ақ, Бас министр адамлардың медициналық нықапсыз жүргенин сын астына алып, «Соншелли де бийпәрўа болыў мүмкин бе? Бул кеселлик электр тогына уқсайды, ийси де, реңи де, мазасы да болмайды, адамды да сайлап отырмайды» деп атап өткен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.