23.12.2024, Дүйшемби

18-апрельден баслап карантин қағыйдалары күшейтиледи

Усы жылдың 18-апрель сәнесинен баслап карантин қағыйдалары еле де күшейтиледи. Бул ҳаққында Бас министр басшылығындағы кеңейтилген жыйналыста мәлим етилди.

Бақша ҳәм мектеплерде кеселлениў жағдайы анықланғанда, олардың жумыслары жедел түрде тоқтатылады ҳәм 2 ҳәптеге карантинге алынады.

 

Атап өтилиўинше, усы ўақыт аралығында олар онлайн тәризде жумыс алып барады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.