Шоманай
районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында райондағы 4 сектор басшылары, мәкеме
шѳлкем ҳәм кәрханалар басшылары сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен
журналист блогерлер қатнасында «Ҳаяллар дәптери» дизимине киритилген
ҳаял-қызларға социаллық ҳәм экономикалық жақтан кѳрсетилип атырған жәрдемлер бойынша
Баспасөз-конференциясы ѳткерилди.
Конференция
даўамында «Ҳаяллар дәптери» дизимине киритилген ҳаял-қызларға социаллық
ҳәм экономикалық жақтан кѳрсетилип атырған жәрдемлер бойынша район ҳәкиминиң
баянаты тыңланды. Соң ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тәрепинен берилген
сораўларға сектор басшылары ҳәм тийисли тараў ўәкиллери тәрепинен жуўаплар
берилди.
Шоманай
районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.