23.12.2024, Дүйшемби

Қараөзек районында музей шөлкемлестирилмекте

Қараөзек районы нураныйлары басламасы ҳәм халқымыздың усынысы менен районда миллий музей шөлкемлестирилмекте.

 

Қараөзек районлық ҳәкимлиги ҳәм Халық депутатлары районлық Кеңеси район халқына мүрәжат жоллап, усы мақсетли иске бас қосып, районда музей шөлкемлестириў ушын усы топырақта туўылып өскен шайыр, жазыўшылар шығармалары, илимпаз ҳәм мәмлекетлик ғайраткерлер дөретпелери, мәмлекетлик ғайраткерлер, ел басшыларының үлгили өмир жолы ҳәм жумысларын сәўлелендириўши қол жазбалар, фото, аудио, видео материаллар, басқа да әҳмийетли мағлыўматлар, пуқаралардың миллий ғәрезсизлик, еркин пәраўан турмысымызда ерисилген жетискенликлери, ҳәр бир жәмәәттиң тарийхы, бүгинги елимиз раўажланыўында ылғаллы мийнет үлгилерин көрсетиўши фото альбомлар, миллий өзлигимиз, дәстүрий өнеримиз ҳәм қәдириятларымызға болған ҳүрмет сезимлерин оятатуғын буйым ҳәм дәскелер, қуралларды бир орынға топлаў, тәрбиялық әҳмийетин есапқа алған ҳалда халқымыз, әсиресе, жас әўладтың миллий қәдириятларымыз, тарийхымыздан мақтаныш сезимин арттырыў, және де туризмди раўажландырыў бойынша бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў, ишки туризмди ен жайдырыў бағдарында әмелге асырылыўы белгиленген илажлар тийкарында халықтың бул бағдардағы усынысын есапқа алып, район орайынан музей шөлкемлестириўди қоллап-қуўатлаўға, биргеликте музей фондын байытыўға шақырады.

 

Қараөзек районы ҳәкимлиги ҳәм Халық депутатлары районлық Кеңеси тәрепинен музейге жер орны ҳәм «Есим» МПЖ Абай көшеси №23 жай ажыратылды.

 

Қосымша мағлыўматлар ушын телефонлар:

+99861 465 45 40

+99861 465 40 59

+99861 465 52 35

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.