Президент Шавкат Мирзиёев
басшылығында жаслардың бәнтлиги ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы
шөлкемлестириў бойынша өткерилип атырған видеоселектор мәжилисинде жаслар
мәселесинде жол қойған кемшиликлери ушын бир қатар ҳәкимлер ҳәм лаўазымлы
шахслар ийелеп турған лаўазымынан азат етилди.
Мәжилисите Президент жеңиллетилген кредитлерди ажыратыўдан алдын, жасларды исбилерменликке оқытыўға жетерли дәрежеде итибар берилмей атырғанлығын атап өтти.
Мәжилисте Сурхандәрья ўалаятында жаслардың
бәнтлигин тәмийинлеў 30 пайызды (15 мың 500 жас) қураған, бул республикадағы ең
төмен көрсеткиш екени атап өтилди.
Сондай-ақ, Хожелиде 16 жас (2 мың жас жумыссыз) Фурқат
районында 27 жас (2,1 жас ) Улуғнорда 78 (3,7 мың жас) Ангорда 82 жас (3,4 мың
жас) жумыссыз жаслар “1+1” жойбары
менен қамтып алынған.
Мәжилисте жаслар менен ислесиўди керекли дәрежеде
шөлкемлестирмегени ушын Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкиминиң жаслар мәселелери бойынша
орынбасары Бегимқулов, Фурқат районы ҳәкими Солиев ҳәм Улуғнор районы ҳәкими
Махсудов;
жаслар арасындағы жынаятшылықтың алдын алыў бойынша
зәрүрли иләжларды көрмегени ушын Шофиркон ҳәм Қамаши районларының прокурорлары,
Хийўа ҳәм Чуст районларының ишки ислер бөлими баслықлары;
жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаўда немқурайлыққа
жол қойғаны ушын, Хожели ҳәм Ангор районларының салық инспекциясы басшылары лаўазымынан
азат етилди.
ӨзА