23.12.2024, Дүйшемби

Шоманайда лимоншылыққа қәнигелескен ыссыхана шөлкемлестирилди

«2021—2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў иләжлары ҳаққында»ғы Президент қарарында Республикада 2020-2022-жылларда экспорт көлемин 347 миллион долларға жеткериў, экспорт етиўши кәрханалар санын 250 ге, экспорт етилетуғын өнимлер түрин 30 ға арттырыў реже етилген. Бул бағдарда Шоманай районында санаат, аўыл хожалығы тараўларында бир қатар жойбарлар басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.


Шоманай районындағы «Бегжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында улыўма майданы бир гектардан ибарат болған еки ыссыхана 2018-жылда шөлкемлестирилген еди. Бүгинги күнде бул орынларда аўыл хожалығы өнимлери жетистирилип, бир қатар район пуқараларының турақлы бәнтлигиниң тәмийнлениўине ерисилген. Районда инвестициялық жойбарлардың турмысқа нәтийжели енгизилиўи менен бул бағдардағы жумыслар быйылғы жылыда даўам еттирилмекте.


Аўыл пуқаралар жыйынында және бир усындай ири жойбар яғный «Жети ғәзийне әлеми» жуўаппкершилиги шекленген жамийети негизинде лимоншылыққа қәнигелескен жаңа ыссыхана шөлкемлестирилди. Жаңа ыссыхананың пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен бул жерге район кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм исбилерменлер келип, жаңа ыссыхана жумыслары менен жақыннан танысты.

 

Цитрус өсимликлер жыллы климатқа бейимлескенлиги себепли, оларды егиўде ыссыханаларды шөлкемлестириў қолайлы ҳәм нәтийжели усыл. Бүгинги күнде мәмлекетимизде Наманган ўәлаяты лимоншылықта үлкен тәжрийбеге ийе аймақ есапланады. Теплицаны шѳлкемлестириўде усы ўалаяттан 2 мыңға жақын лимон нәллери алып келинди ҳәм егилди. Сондай-ақ лимон жетистириў бойынша тәжрийбели дийханлардың әмелий жәрдемлери ҳәм мәсләҳәтлеринен пайдаланылды.

 

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети