23.12.2024, Дүйшемби

«Ватанпарвар» әскерий-спорт жарысының финалына Қарақалпақстаннан қайсы район барады?

Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимлер негизинде өткерилген жарыстың Қарақалпақстан Республикасы басқышында  17 қала ҳәм районлардан ең сайланды командалар қатнасты. Оқыўшылардағы толқынланыў, жеңиске болған ғайрат, әскерий исеним беллесиўдиң ҳәр бир шәртинде анық көзге тасланып турды.


Жарыстан тийкарғы мақсет – оқыўшы-жасларды әскерий-әмелий спорт жарысларына кеңнен тартыў арқалы олардың олардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, өз-ара мәдений-спорт байланысларды жолға қойыў және жасларды спорт ойынларына ғалабалық түрде тартыў, саламат турмыс тәризин әдет етиўге үйретиў, руўхый ҳәм физикалық саламат, бәркамал әўладты тәрбиялаўға қаратылған.

Жарыстың режесине бола беллесиўде ҳәр командадан  7 ул ҳәм 3 қыз баланың қатнасыўына руқсат берилген. Әскерий-спорт жарысының 1-шәртине бола пневматикалық мылтықтан қадағалаў атыў шынығыўы арқалы мергенлик шеберлигин көрсетти.



«Әскерий эстафета» деп аталған 2-шәртте қатнасыўшылар автоматы толық емес бөлеклерге ажыратыўы ҳәм жыйнаўы, газге қарсы нықапты кийиўи ҳәм жүк автомобилиниң дөңгелегин айландырып жуўырыўы керек болды. Бул шәртте ҳәр бир командадан 4 қатнасыўшы қатнасты.

Жарыстың 3-шәртинде («Жәбирлениўшиге биринши жәрдем көрсетиў») еки қатнасыўшы 50 метр аралыққа зәмбилди көтерген ҳалда жуўырады ҳәм шекте жатырған шәртли жәбирлениўшиге биринши тез медициналық жәрдем көрсетеди. Буннан соң жәбирлениўшини зәмберге артып, финиш тәрепке жуўырылады.

 

«Сапта қосық айтыў» деп атылған кейинги шәртте командалар сапта бирдей қәдемлер менен жүрип, әскерий қосықларды жанлы атқарыўы белгиленген.

«Темур түзиклери билимданы» деп аталған ақырғы шәртте оқыўшылар 5 сораўға жуўап бериўи ҳәм олардың ҳәр бири ушын қосымша балл ийелеўи мүмкин болды.

Жарыстың ҳәр бир шәртинде ўақыт өлшеми мене әдил баҳалаў механизми тийкарында қатнасыўшылардың ҳәрекети баҳалап барылды.

Жарыстың жабылыў мәресиминде Арқа-батыс округ әскерлери командири, полковник Фарҳоджон Шерматов бүгинги күнде елимиз жасларына болып атырған итибар, оларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўдағы жетискенликлерин тән алып, әскерий округ аймағында мине усындай илажларды өткериў ушын барлық шараят буннан кейин де жаратып берилетуғынын атап өтти.


Күткен ўақытлар жетип келди. Дәслеп жарыс шәртлеринде айрықша көрсеткишлерге ерискен оқыўшы-жаслар ҳәм командалар сыйлықланды. Оған бола, «Ең күшли спортшы» номинациясына Нөкис қаласына 46-мектеп оқыўшысы Максим Цой, «Темур түзуклери билимданы» номинациясында Қоңырат районындағы 35-мектеп оқыўшысы Мансурбек  Юсупбаев, «Шебер мерген» деген атқа қоңыратлы Меҳрибан Қалбаева ылайық деп табылды. Командалық қурамда болса «Шебер мерген» номинациясында Қараөзек районындағы  28-мектептиң командасы, «Әскерийлестирилген эстафета»да жоқары нәтийже көрсеткен Нөкис районының 31-меткеби, «Жәбирлениўшиге биринши жәрдем көрсетиў»шәртин шеберлик пенен орынлаған Тахыятастың 9-мектебиниң командасы хошаметленген болса, Қоңырат районы «Сапта қосық айтыў»да ҳәм «Темур түзуклери билимданы» шәртлеринде ҳәммени артта қалдырыўы менен алғысқа еристи.

Жарыс жуўмағында барлық шәртлер бойынша жоқары нәтийже көрсеткен Нөкис қаласының 46-меткеп командасы үшинши орынды ийеледи. Төркүлли жасларға азғана имканият жетиспеди ҳәм олар сыйлы екинши орынға ылайық деп табылды. Жарыстың абсолют жеңимпазына болса Кегейли районындағы 41-мектептиң командасы айланды.

Жеңимпаз ҳәм сыйлықланыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен кубок, медаль, дипломлар, ҳүрмет жарлықлары және естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Жарыста жеңиске ерискен Кегейли районы командасы енди беллесиўдиң финал басқышына жолламаны қолға киргизип, Өзбекстан Республикасы қорғаныў министри кубогин Қарақалпақстан Республикасына алып келиў ушын жарысларда қатнасыў имканиятына ийе болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги