23.12.2024, Дүйшемби

Саўап исти ҳәр ким ҳәр күни ислеўи керек

«Саўап исти ҳәр ким ҳәр күни ислеўи керек» деген даналық сөз бар халқымызда. Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалыклары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесине Нөкис қаласы «Таслақ» МПЖ аймағындағы Улығбек көшеси 64а-үйде жасаўшы Назлымхан Балтабекова мүрәжат еткен еди. Мүрәжатта үй алды қыйтақ жеринде кекселер дем алыў бағын шөлкемлестириў нийети бар екенлиги, буның ушын қыйтақ жерине тәбийий төгин ҳәм шырша ағашы нәллери керек екенлигин билдирген болып, бул мүрәжат Кеңес тәрепинен унамлы шешилди ҳәм 30 түп шырша нәли алып барып берилди.


Айтып өтиў орынлы, Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси тәрепинен «Ҳаяллар дәптери»не киритилген, бағыўшысынан айырылған ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж ҳаял-қызлардың қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў бойынша кең көлемли үйрениў жумыслары алып барылып атыр. Бул бойынша Республикамыз аймағындағы барлық қала ҳәм районларда мийўе ҳәм палыз өнимлери нәллери таркатылып, қыйтақ жерлеринен өним жетистириўге бағдарланған мақсетли жумыслар әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалыклары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси баспасөз хызмети