23.12.2024, Дүйшемби

«Өз брендимди жаратпақшыман…»

Бүгинги күнде жаслардың исбилерменлик пенен шуғылланыўы ҳәм исбилерменлик жойбарларын  әмелге асырыўы ушын барлық имканиятлар жаратылған. Кредит алып, өз жумысларын баслаўы ушын да жеңилликлер берилген.


Сондай имканиятлардан утымлы пайдаланып, тигиўшилик цехын ашқан жаслардың бири Шахло Абдуллаева. Ол «Халық банки» нен 30 млн.сўм кредит алып, өткен жылдың март айында Нөкис қаласы «Қоскол-1» МПЖ аймағыда тигиўшиликти жолға қойды.


- «Кредит  есабынан 7 дана тигиў машинасын сатып алдым. Ҳәзирги ўақытта устаз-шәкирт тийкарында 6 қызға жумыс үйретип, олардың бәнтлигин тәмийинледим. Арнаўлы кийимлер (спецодеждалар)ге ҳәм басқада  кийимлерге буйыртпалар келип туспекте. Сол буйыртпалардан түсип атырған дәраматлар арқасынан жалғыз баслы ана болғанлығым ушын 3 перзентимди бағып атырман. Кредитлеримди де өз ўақтында төлеп турмыз» - дейди Шахло Абдуллаева.



Истиң көзин билген адам оны раўажландырыўды ойлайды әлбетте. Тигиў цехында кийим-кеншеклер менен бирге бас кийимлерди  тигиўде жолға қойылған. Оларға қол мийнети жәрдеминде тоқылған миллий нағыслар жас исбилерменниң дөретиўшилик жемиси.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети