23.12.2024, Дүйшемби

Рәсмий илажлар бойынша гезектеги брифинг

Миллий баспасөз орайында 9-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысының орынбасары – Президенттиң баспасөз хаткери Шерзод Асадов брифинг өткерди.

Онда усы ҳәптеде Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында болып өткен ушырасыўлар ҳәм әҳмийетли мәжилислер ҳаққында ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине мағлыўмат берилди.



Атап өтилгениндей, бул ҳәпте илажларға бай болды, мәмлекетимиз басшысы бир қатар сырт ел делегацияларын қабыл етти, әҳмийетли мәжилислер өткерди. Брифингте бул ушырасыўлар ҳаққында пресс-релизлерге киргизилмеген қосымша мағлыўматлар бойынша мәлимлеме берилди.

Белгили болғанындай, Президент Шавкат Мирзиёев 5-апрель күни Иран Ислам Республикасының сыртқы ислер министри Муҳаммад Жавад Зарифти қабыл етти.

Иран – үлкен экономикалық ҳәм интеллектуаллық потенциалға ийе мәмлекет. Кейинги жылларда еки  тәреплеме байланыслар жеделлести. 2019-жылдан Иран ушын әпиўайыластырылған виза системасы енгизилди.

Ушырасыўда 2020-жылы мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара саўда  250 миллион долларды қурағаны, қоспа кәрханалардың саны 3 есеге артып,  аўыл хожалығы, азық-аўқат санааты, фармацевтика сыяқлы тараўларда улыўма баҳасы 61 миллион долларлық жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырып атырғаны атап өтилди. Қәўипсизлик ҳәм терроризмге қарсы гүресиў мәселелери бойынша бирге ислесиўди кеңейтиўге келисип алынғаны мәлим етилди.

Усы күни Президентимиз Россия Федерациясы санаат ҳәм саўда министри Денис Мантуров басшылығындағы делегацияны да қабыл етти. Онда Ташкентте биринши мәрте өткерилген «Иннопром» санаат ҳәптелиги жаңа кооперация жойбарларын баслаў ушын исенимли платформа болып хызмет ететуғыны атап өтилди.

Ушырасыўда ҳәзирги эпидемиологиялық жағдайдан келип шығып, Президентимиздиң Россияға рәсмий сапарын шөлкемлестириў менен байланыслы мәселелер бойынша да пикир алысқаны атап өтилди.

Брифингте Президентимиз 6-апрель күни Корея Республикасы парламентиниң Миллий Ассамблеясының Спикери Пак Бён Сок басшылығындағы делегация менен өткерген сөйлесиўге де тоқтап өтилди.

8-апрель күни Президент басшылығында аймақларда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм бәнтлик мәселелери бойынша  видеоселектор өткерилди. Оғада сын руўхында болған мәжилисте ўазыйпаны орынламаған көплеген басшылар лаўазымынан босатылды, айырымларына сөгис берилди.

Баспасөз хаткери мәмлекетимиз басшысы мәжилисте қойған анық ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Брифингте келеси ҳәптеде болатуғын рәсмий илажлар ҳаққында да мағлыўмат берилди. Соның ишинде,  13-14-апрель күнлери мәмлекетимизге Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң әмелдеги баслығы, Швеция сыртқы ислер министри Анн Кристин Линдениң сапары күтилмекте.

– Мәмлекетимиз бул әҳмийетли  регионаллық шөлкем менен бирге ислесиўди кеңейтиўге беккем умтылады, – деди Шерзод Асадов. – Өзбекстан, сондай-ақ, Швеция менен барлық тараўларда конструктивлик сөйлесиў ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықларды беккемлеўден мәпдар болып есапланады. Бул қатнасықлар соңғы жылларда  жеделлесип, өткен жыл ноябрьде ҳәм быйылғы жыл февральда сиясий мәсләҳәтлесиўлер өткерилди. Анн Кристин Линдениң сапары мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўди жаңа  басқышқа көтереди.

Линде ханым Президент тәрепинен қабыл етилетуғыны режелестирилген.

Сондай-ақ, келеси ҳәпте Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Имран Хан менен видеосөйлесиўи режелестирилген.

Брифингтиң соңында Президент баспасөз хызметиниң ҒХҚ менен нәтийжели бирге ислесиўин жолға қойыўға кирисилгени атап өтилди.

 

М.ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның хабаршысы