Бул
ҳаққында Нөкис
районы Мәмлекетлик салық инспекцисының баслығы Ф.Халмуратов хабар бермекте.
Елимизде
исбилеменликти раўажландырыў жолындағы алып барылып атырған бағдарламалық
реформалар тийкарында ислеп шығарыўшылар саны ҳәм халыққа хызмет көрсетиў
сапасы артып бармақта. Сондай-ақ, усынылып атырған салық жеңилликлери кәрхана
жумысын кеңейтиў, ислеп шығарыў нәтийжелилигин және де арттырыў, жаңа
технология ҳәм үскенелерди алып келип орнатыў ҳәмде ең баслысы жаңа жумыс
орынларының санын көбейтиўге хызмет етпекте.
Елимиздеги
усындай кәрханалардың бири Нөкис районында жайласқан «Қоңыратбай-Меҳри» фермер хожалығы
болып табылады. Бул хожалық 2004-жылы апрел айында ашылып, өз жумысын 6 пуқара менен баслаған болса,
бүгин күнде олардың саны 50 ге жетти.
Фермер
хожалығы тийкарынан шарўашылықтың нәсилли,
ири шақлы малларды шет ел мәмлекетлеринен (Голландия, Украина) алып келип халыққа
гөш өнимлерин жетистириў менен бирге сүт өнимлерин де қайта ислеп
халыққа хызмет көрсетип келмекте. Хожалық өткен жылы
2 миллиард 693 миллион сумлық халыққа
хызмет көрсетиўге еристи.
–
2017-жыл даўамында 47 пуқараны жумыс пенен тәмийинлеп, оларға 310 миллион 685
мың сум мийнет ҳақысын айма ай өз ўақтында
берилди,– дейди хожалық баслығы Есенбай
Айтмуратов. –Хожалығымыз тәрепинен өткен жыл даўамында мәмлекетлик бюджетке ҳәм
бюджеттен тысқары пенсия қорларына 87 миллион 500,0 мың сум салықлар ҳәм төлемлерди мүддетинде төлеп келиўге еристик. Бүгинги
күнде Президентимиз ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен биз, исбилерменлерге кең шараятлардың
жаратылып берилиўи жумысымызды кеңейтип барыўға ҳәм хызметимиз сапасын
арттырыўға хызмет етпекте. Мақсетимиз–дәраматымызды арттырып, экономикамыздың
раўажланыўына өз үлесимизди қосыў
Есенбай аға
басқарып киятырған хожалық ҳәзирде жаңа проектлер үстинде жумыс алып
бармақта. Әлбетте, жемисли мийнет ушын қолайлы орын, инвестиция, дәрамат,
жумысшылар санын көбейтип барыў, искерлигин кеңейтиў, ислеп шығарыўды жолға
қойыў, мийнетиниң нәтийжелилигин арттырып барыў ҳәмде Ўатан раўажына үлесин қосыў-бүгин
ҳәр бир исбилерменниң өз алдына қойған мақсетилериниң жыйындысы болып табылады.
Қарақалпақстан
Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети