30.10.2024, Сәршемби

«Жаңа Өзбекстан – жаслар нәзеринде» атамасында ушырасыў өткерилди

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының шөлкемлестириўинде «Жаңа Өзбекстан – жаслар нәзеринде» атамасында ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди.

Оған профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

 

Илажды Филиал директоры А.Аяпов басқарып барды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдыев ҳәм  Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министри Ғ.Байниязовлар шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде әмелге асырылып атырған жаңаланыўлар, әсиресе, жаслар сиясатын әмелге асырыў, олардың илим-билимлендириў, спортта өз қәбилетлерин жүзеге шығарыў бағдарында алып барылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтти.


Ушырасыўда атап өтилгениндей, бүгинги күнде филиалда 9 тәлим бағдары бойынша жәми 775 студент билим алып алмақта. Олардың өз тәлим бағдарлары бойынша жетик қәнигелер болып жетилисиўинде жәми 68 профессор-оқытыўшы илим-билим, көркем өнер тараўының әлўан түрли сырларын үйретип келмекте.


– Филиалда оқыўда, спорт ҳәм көркем өнер тараўында, илимий дөретиўшилик жумысларда өзлериниң умтылыўшаңлығы менен заманласларына үлги болып атырған студент-жаслар көпшиликти қурайды, – дейди «Көркем өнертаныў» факультети деканы Г.Ходжаметова.

– Устазларының исенимин ақлап, бир қатар зийрек, талантлы жасларымыз таңлаўларда мүнәсип қатнасып, жоқары нәтийжелерди қолға киргизбекте. Атап айтқанда, «Жыл студенти – 2020» таңлаўында «Жылдың ең дөретиўши студенти» номинациясы бойынша «Кино ҳәм телевидение режиссёрлығы» тәлим бағдарының 2-курс студенти Азизбек Алламуратов, «Универсиада ойынлары – 2020» спорт ойынлары жарысында спорттың белбеўли гүрес түри бойынша «Кино-телеоператорлық» тәлим бағдарының  2-курс студенти Азимбек Сапарбаев ҳәм басқа да студент жасларымыз көркем өнер тараўлары бойынша өткерилген таңлаўларда жеңимпаз болып, биринши орынларды қолға киргизбекте. Әлбете, жаслардың қолға киргизген табыслары, жетискенликлер жәмәәтимиз мақтанышы саналады.



Буннан басқа да, студент қызларды қосымша кәсипке бағдарлаўда көркем өнер ҳәм мәденият тараўына қәнигелескен «Шебер қоллар» орайы шөлкемлестирилди. Жасларды кәсип-өнерге бағдарлаў, олардың уқыплылығын жүзеге шығарыў мақсетинде шөлкемлестирилген бул орай жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўде, қосымша кәсип өнер түрлерин үйрениўде әҳмийетли есапланады.

Ушырасыў кешеси «Тумар» аяқ-ойын ансамбли ҳәм жас талант ийелериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы баспасөз хызмети.

Қарақалпақстан хабар агентлиги