23.12.2024, Дүйшемби

Мойнақты бир ўақытларда таслап кеткенлер бүгин өкиниште

Арал теңизи Мойнақты таслап кетгенге шекем жергиликли халық тийкарынан балықшылық пенен шуғылланған, Арал теңизи портларындағы балық комбинатларында жумыс ислеген. Сондай балықшылардан бири мойнақшы Али ата Шатдинов бүгин 70 жасты қарсы алмақта.


«Ата-бабаларымыз совет ҳүкимети орнатылмастан бурында балық аўлап күн кеширген. Арал өз ўақтында көплеген адамларды ашаршылықтан алып қалған»-дейди биз бенен сәўбетте Али ата Шатдинов.

Теңиздиң суўы тартылып баратырғанын ең биринши жасы үлкен балықшылар аңлаған.

«Күнлердиң биринде жасы үлкен, тәжирийбели балықшылар теңизден келип бизлерге «Сездиңлерме теңиздиң суўы ашшы болып баратыр, Аралдың суўы тартылып баратыр», деди. Арал қурып баслады, суў барған сайын шорланыўда даўам етти. Теңиздиң суўы ашшы болып баратырғанлықтан балықлар Әмиўдәрьяға қарай өрледи. Дәрьяға балық толып кетти, балықлар аўызын суўдан шығарып ҳеш кимге керек болмай жататуғын еди. Жергиликли консерва заводлары да балық алыўды тоқтатқан еди. Теңиздиң суўы ашшы болып, қурыўда даўам етебергеннен соң балықларда қалмады».


Адамларды жумыс пенен тәмийинлеп турған консерва комбинатлары жабыла баслағаннан кейин Арал теңизи артынан адамларда Мойнақты таслап кеткен.

«Досларымның дерлик барлығы көшип кетти, порт қаңырап қалды, кемелер турған жеринде қалаберди»-дейди сәўбетлесимиз.



«Досларымнан бири жақында келди. Мойнақтағы болып атырған өзгерислерди көрип, «Мойнақ усыншама өзгерип кететуғынын билгенимде сирә кетпейтуғын едим»деди», -деп мақтаныш етеди Али ата Шатдинов.


Бүгин Мойнаққа өмир қайтты. Кең жоллар заманагөй үйлер, мийманханалар, балалар бақшалары менен мектеплер пайтахтымыздағылардан ҳеште қалсыпайды.

Жүзлеп жаңа жумыс орынлары шөлкемлестирилмекте.


Президент Шавкат Мирзиёев 2020-жылдың 23-сентябринде БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясында шығып сөйлегенинде глобал климат өзгерислери Орайлық Азияның раўажланыўына да үлкен қәўип туўдырып атырғанын атап өтти ҳәм дүнья жәмийетшилигиниң итибарын және бир рет Арал теңизиниң қурыўы апатшылығына, оның ақыбетлерине қаратқан еди.

Президент Аралбойы регионын экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында БМШ Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыл етиўди усыныс етти.

Мойнақ халқы көп сынаўларды бастан өткерди. Бир әўлад көз алдында тәбият пүткил басқаша түске енди. Тәбият қаншалар сынақлар бермесин, инсан сабыры оннанда күшлирек екенин бүгин мойнақшылар мысалында көрсек болады. Өйткени инсанға тек ғана балық берилмеген ғо, инсанға оннанда уллы байлық – ақыл берилген. Ол арқалы барлық, қыйыншылықты жеңип өтиў, жаңа өмир баслаў мүмкин екенлигин Мойнақ халқы және бир рет дәлийлледи.