Усы жылдың 5-апрель күни Әмиўдәрья районы Куйик көпир аўылында жасаўшы Ж.Х ҳәм Г.К лардың перзенти, еле еки жасқа да толмаған Дастанбек азаңғы саат 10 ларда үй әтирапында көринбей қалғанлықтан оны шаңарақ ағзалары излей баслайды. Дастанбек арнадағы суўдан табылды. Оны қутқарып қалыўдың дерлик иләжы қалмаған болсада ата-анасы перзентин алып тезлик пенен аўылдағы 5-санлы шаңарақлық поликлиникаға барады.
Поликлиника шыпакери Жамшид Абдураҳманов
ата-анасының қолында жансыз келген балаға тезлик пенен биринши жәрдем көрсетеди
ҳәм район орайынан қыстаўлы тез жәрдем шақырады. Тезлик пенен жетип келген
реанимацион бригада шыпакери Икрам Сарыбаев клиникалық өлимнен кейин келген баланы
емлеўханаға, балалар реанимациясы бөлимине алып барады.
Бөлимде тәжирийбели шыпакерлер тәрепинен
алып барылған анық тактикалық ҳәрекетлер себеп бала өмирге қайтарылды. 6-апрель күни
Дастанбектиң денсаўлығы әдеўир жақсыланып ата-анасының баўырына қайтты.
Дерек: http://amunews.uz/news/6577
(Иллюстратив
фото)