Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы Пǝтиўа комиссиясының 2021
(ҳижрий 1442) жылғы закат нысабы, питир садақа ҳǝм фидя муғдары бойынша
ҚАРАРЫ
Закаттың алтыннан нысабы
85 грамм болып, бүгинги күнде 1 грамм алтынның орташа баҳасы 320 000 (үш жүз
жигирма мың) сўм екенлигин итибарға алып, быйылғы ЗАКАТ нысабы 27 200 000 (жигирма жети миллион еки жүз мың) сўм
деп белгиленди.
Соған кѳре, зǝрүр
мүтǝжликтен тысқары бир жыл даўамында 27
200 000 (жигирма жети миллион еки жүз мың) сўм ҳǝм оннан артық қаржыға
ийе болған мусылман адам жǝми ақшасының қырықтан бири (1/40) н есаплап, оны
закат нийетинде кǝмбағал ҳǝм мүтǝжлерге береди.
Питир садақасының муғдары
бийдайдан ярым соъ (2 кг.), арпадан бир соъ (4 кг.), кишмиштен ярым соъ (2 кг.)
ҳǝм хурмадан бир соъ (4 кг.) болып табылады.
Бүгинги күнде усы
ѳнимлердиң Ташкент қаласы базарларындағы баҳалары үйренилгенде 1 кг бийдай
орташа 5 мың сўм, 1 кг арпа орташа 3, 5 мың сўм, 1 кг кишмиш орташа 40 мың сўм
ҳǝм 1 кг хурма орташа 35 мың сўм екени мǝлим болды.
Соған кѳре, ФИТР садақасының муғдары:
• бийдайдан 2 кг 10
000 (он мың) сўм;
• арпадан 4 кг 14
000 (он тѳрт мың) сўм;
• кишмиштен 2 кг 80
000 (сексен мың) сўм;
• хурмадан 4 кг 140
000 (бир жүз қырық мың) сўм деп белгиленди.
Ҳǝр ким ѳз мүмкиншилигине
қарай бул тѳрт ѳнимниң қǝлеген бир түринен питир садақасын берсе жеткиликли
болады.
Фидя муғдары бир мискинниң
бир күнлик азық-аўқаты муғдарында болып, бүгинги күнде бул орташа 25 000
(жигирма бес мың) сўмга туўры келгенинен, булл жылғы ФИДЯ муғдары
бир күн ушын 25 000 (жигирма бес мың) сўм,
бир айға 750 000 (жети жүз елиў мың) сўм деп белгиленди.
Eслетпе: Усы баҳалар
Ташкент қаласы базарларындағы баҳаға тийкарланып белгиленди. Ҳǝр бир ўǝлаят ѳз
базарларындағы баҳадан келип шығып, питир садақасын белгилейди.
Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы Пǝтиўа комиссиясы