23.12.2024, Дүйшемби

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 28 жыл толыўы мүнәсибети менен орынларда байрам салтанатлары даўам етпекте

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы 1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында қабыл етилген.

Сǝне мүнǝсибети менен бүгин Бозатаў ҳәм Тахтакөпир районларында салтанатлы байрам илажы өткерилди.

 

Байрам салтанатында сөзге шыққанлар Конституциямыздыӊ мазмун-мǝниси ҳәм әҳмийетине, Конституциямызға киргизилген соңғы өзгерис ҳәм қосымшаларға тоқталып өтти.

Конституция-әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың ҳәм олардың нызамшылық тийкарларын жаратыўдың баслы ҳуқықый тийкары, инсан ҳуқықы ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғаўшысы болып табылады.

Байрам салтанаты көркем-өнер шеберлери тǝрепинен таярланған йошлы концерт бағдарламалары менен даўамы етди.