23.12.2024, Дүйшемби

Шоманайда шигит егиў мапазы қызғын даўам етпекте

Республикамыздың шетки аймақларының бири болған Шоманай районында да егис мапазына қызғын таярлыклар даўам етпекте. Бугинги күнде район көлеминде жәми 17 526 гектар егислик майданлары бар болып, техникалық, дәнли, собықлы, майлы егинлер егилиўи, палыз ҳәм баў-бақша өнимлери жетистирилиўи режелестирилген.

Жақында Шоманай районы Бегжап ММТП аймағындағы «Бахрам Илғор кластер» ЖШЖ не қараслы майданда шигит егиўге арналған көргизбели семинар болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары С.Хожаметов, Аўыл хожалығы Министри А.Якубов, Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры орынбасары К.Бекбергенов, сектор басшылары ҳәм тараў ўәкиллери қатнасты.


Техникалық егинлер қатарында 4 970 гектар майданға пахта егилиўи белгиленген болып, ҳәзирги ўақытта шигит егиў жумыслары баслап жиберилген.

- Быйылғы жылы егислик майдаларымызға пахтаның климатымызға бейимлескен, жергиликли ҳаўа райы айнымалылығына шыдамлы болған районласқан ҳәм мол зүрәәт беретуғын сортларын егиў бойынша дийқанларымыз бенен биргеликте тийисли жумысларды алып барып атырмыз, - дейди Шоманай районы фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси баслығы О.Сейтниязов, – Егислик майданларын сүрип, шигит егиў ушын таяр жағдайға келтирип қойған фермер хожалығы баслықларының көпшилиги көп жыллық тәжирийбелерине сүйенип, ерте писетуғын ҳәм жергиликли ҳаўа райына бейим «Султан» сортын егиўди мақсет етип отыр. Жер менен тиллесип жүрген дийқанларымыз бенен быйылғы шигит егиў мапазын сапалы өткеремиз ҳәм гузги қырманды нобайдан үйемиз деген нийеттемиз.


Айтып өтиў орынлы быйылғы жылы Шоманай районы дийқанлары 3 525 гектар жер майданларына «Султан» ҳәм 1 445 гектар жер майданына «С-4727» сортларын егиўди режелестирген.