23.12.2024, Дүйшемби

ЖƏНЕ БИР ТУРИСТИК КƏРХАНА МƏМЛЕКЕТЛИК ДИЗИМНЕН ӨТКЕРИЛДИ

Соңғы жылларда мәмлекетимизде туризм тараўының раўажланыўы менен дүньяның ҳәр түрли аймақларынан келип атырған саяхатшылар саны жыл сайын артып бармақта.

Қарақалпақстан Республикасының туристик жетискенликлеринен нәтийжели пайдаланыў, дем алыў ҳәм туризм ушын зәрүр шараятларды жақсылаў мақсетинде 40 қа жақын туристик хызмет көрсетиў тараўындағы кәрханалар хызмет алып бармақта.



Сондай-ақ, 30 дан артық объектлер “Шаңарақлық мийманхана үйлери ҳәм хостеллер бирден-бир реестри”не киритилген.

Бүгин, белгили “Божалар” топары қосықшысы Жаҳонгир Позилжонов тәрепинен Нөкис қаласы Мәмлекетлик хызметлер орайынан “BOJALAR-TOUR" фирма менен атлы туристик кәрхана мәмлекетлик дизимнен өткерилди.



- Турфирманы шөлкемлестириўден мақсет – Қарақалпақстанда жайласқан 18 әсирлик тарыйхқа ийе Аязқала, өзиниң архитектурасын жақсы сақлап қалған ҳәм бизиң эрамыздың 4-әсирине тийисли болған Топыраққала, Мойнақ үлкетаныў музейи ҳәм Арал теңизи суўларында жүзип ҳәзирде тек ғана теңиз ҳаққында бизге сөйлеўши “Кемелер қәбирстаны” сыяқлы дыққатқа ылайықлы орынлары шет елли саяхатшыларды өзине тартып келмекте, оларға сыпатлы хызмет көрсетиў ҳәмде миллий туризм искерлигин ишки ҳәм сыртқы базарларда еледе кең үгит-нәсият етиўди мақсет етемиз - дейди “Божалар” топары қосықшысы Жаҳонгир Позилжонов.

 

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги

Қарақалпақстан Республикасы басқармасы