30-март күни президент тәрепинен қол қойылған нызамға муўапық, Жынаят
кодексине ғалабалық тәртипсизликлер ҳәм пуқараларға қарсы зорлық ислетиўге
шақырыў ушын жуўапкершилик киргизилди.
Оған муўапық, усы қылмысты әмелге асырған адамлар базалық есаплаў
муғдарының 100 есесинен 300 есесине шекемги жәрийма ямаса 2 жылға шекемги
тәртип дүзетиў жумыслары яки 3 жылдан 5 жылға шекемги азатлықты шеклеў яки
болмаса 3 жылдан 5 жылға шекемги еркинен айырыў менен жазаланады.
Егер усы ҳәрекетлер бир топар адамлар тәрепинен алдын ала тил бириктирип ямаса ҒХҚ, телекоммуникациялық тармақлар, интернеттен, сондай-ақ, текстти көбейтиўдиң баспа яки басқа усылларынан пайдаланған ҳалда әмелге асырылған болса, базалық есаплаў муғдарының 300 есесинен 400 есесине шекемги жәрийма ямаса 2 жылдан 3 жылға шекемги тәртип дүзетиў жумыслары яки 5 жылдан 10 жылға шекемги еркинен айырыў менен жазаланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.