Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы тәрепинен Тахтакөпир районындағы Белтаў АПЖ аймағындағы ишки хожалық жолларды оңлаў жумыслары алып барылмақта.
Атап айтқанда, Белтаў АПЖ аймағындағы 4,7 км ишки жолларға ЩПС араласпасы төселип, 2,9 км бөлегине ыссы асфальтобетон қапламасын жатқарыў режелестирилген. Сондай-ақ, 2,6 км ишки жолдың еки тәрепине суўлардың ағып кетиўи ушын суў өткизгишлер (латок) қойылмақта. Халыққа жәнеде қолайлықлар жаратыў мақсетинде 3,1 км пиядалар жолына бетон қаплама жатқарыў жумыслары алып барылмақта.