Бүгинги күнде жасларға
жаратылып атырған имканиятлар менен тереңирек таныстырыў, олардың қәбилетлерин
жүзеге шығарыў, машқалаларын үйрениў ҳәм турмыста мүнәсип орын ийелеўине
көмеклесиў мақсетинде республикамыз бойлап жаслар менен ушырасыўлар өткерилмекте.
29-март яғный бүгин
Әмиўдәрья районында Төрткүл, Елликқала, Әмиўдәрья Хожели, Тақыятас районлары ҳәм
Нөкис қаласы жаслары менен ашық сәўбет көринисиндеги ушырасыў болып өтти.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариев, Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы, сенатор А.Данияров Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң орынбасары А.Тўраев, Өзбекстан Республикасы Орайлық банк баслығының орынбасары А.Камалов, Өзбекстан Мәмлекетлик статистика комитети баслығы орынбасары М.Зиядуллаев, Өзбекстан жаслар ислери агентлиги ҳәм бир қатар министрликлер менен жуўапкер шөлкемлерден ўәкиллер қатнасты.
Ушырасыўда Әмиўдәрья районынан Шамуратова Мехригүл шаңарақлық балалар бақшасын шөлкемлестириў бойынша кредит сорап мүрәжат етти. Бундай унамлы баслама менен шыққан Мехригүлиң мүрәжаты Өзбекстан Республикасы Орайлық банк баслығының орынбасары А.Камалов тәрепинен қоллап-қуўатланып кредит ажыратыў бойынша тапсырма берилди. Сондай-ақ, Базарбаев Сохитжон өзин-өзи бәнт етиў ушын ыссыхана қурыўда әмелий жәрдем сорап мүрәжат етти. Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариев бул мүрәжатты жеке өзиниң қадағалаўына алып район ҳәкимлигине тапсырма берилди.
Ашық сәўбетте жаслардың машқалалары,
қызығыўшылықлары менен усыныслары тыңланды. Билдирилген машқала ҳәм усыныслар
мәнзилли үйренилди ҳәм унамлы шешим таптырыў бойынша жуўапкерлерге тийислиги бойынша тапсырмалар берилди.
ҚР Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети