Бүгин 26-март қүни «22-март Мәҳәлле тараўы хызметкерлер күни» байрамы мүнәсибети менен Шоманай районы 13-санлы балалар музыка ҳәм кѳркем ѳнер мектебинде, райондағы барлық мәҳәлле тараўы хызметкерлери, Мәҳәлле қайырқомлық жәмәәтлик фонды ҳәм аўыл, мәкан пуқаралар жыйынларында кѳп жыл мийнет еткен кексе-нураныйлар қатнасында байрам кешеси ѳткерилди.
Байрам кешесин район ҳәкими Б.Янгибаев ашып берди ҳәм байрам мүнәсибети менен қутлықлады. Маҳәлле жәмийеттиӊ айнасы екен, ондағы пуқаралар, хожалықлардыӊ татыў ҳәм мәҳәллениӊ абад болыўы ушын аянбай хызмет етип киятырған мәҳалле хызметкерлерине район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған баҳалы саўғалар (ҳәр бир АПЖ,МПЖға) компютер топламы, район ҳәкими ҳәм сектор басшылары тәрепинен тапсырылды.
Соӊ Мәденият бѳлими хызметкерлери атқарыўында байрам концерт бағдарламасы келген мийманлар нәзерине усынылды.
Шоманай
районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.