30.10.2024, Сәршемби

МЕҲРИЙБАНЛЫҚ ҮЙИНДЕ НАӮРЫЗ БАЙРАМЫ БОЛЫП ӨТТИ

Халқымыздыӊ көп әсирлик миллий байрамы есапланған Наўрыз бүгинги күни республикамыздыӊ барлық аўыл-аймақларында көтериӊки кейпиятта карантин тәртип қағыйдаларын қатаӊ сақлаған ҳалда салтанатлы жағдайда белгиленбекте.

 

Усындай байрам салтанатлары Хожели районындағы Меҳрийбанлық үйинде де болып өтти. Байрам кешесине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов қатнасты. Байрам салтанаты балалардың кеӯлине өзгеше көтериңкилик бағышлады.

 

Көп жыллық тарийхқа ийе Наўрыз -шығыс халықларының жаңа жылы өзиниң жаңаланыў, бәҳәр нәпесин баслап келиўи менен инсанлар жүрегине терең сиңип кеткени, ҳәр бир шаңараққа қуўаныш алып келиўи менен де әҳмийетли миллий байрам болып табылады.

 

Оқыӯшылар тәрепинен шөлкемлестирилген концерт бағдарламасы «Хош келдиң, Наўрыз!» атамасындағы композиция менен басланды. Меҳрийбанлық үйи тәрбияланыӯшылары атқарыўындағы  миллий қосық ҳәм аяқ ойынлар илажға және де заўық бағышлады.