Футбол бойынша Өзбекстан чемпионаты ПРО-Лигасында қатнасыўшы
Нөкистиң «Арал самалы» командасы Қашқадәрья ўәлаяты Ғузар қаласының «Шортан»
командасын қабыл етти.
"Aрал самали" ҳәм "Шўртан" командаларының ойыны қызғын гүреслерге бай болды.
Ойыншымыз Азамат Алланиязов 35-минутда "Шўртан" дарўазасына пеналтиден гол урып есапты ашты. Екинши бөлимниң 53-минутында "Шўртан" командасы ағзасы Элёр Омонжоновта дарўазамызға белгиленген 11 метрли пеналтиден гол урып есапты теңлестирди.
Ойынның 60-минутында Азамат Алланиязов ҳәм 70-минутқнда Наўрыз Алимовлар гол
урып есапты ири көриниске алып келди 3:1.
Командамызды
бүгинги жеңиси менен қутлықлаймыз.