30.10.2024, Сәршемби

ХАЛЫҚ ҲӘМ ИСБИЛЕРМЕНЛИК СУБЪЕКТЛЕРИНЕ МӘМЛЕКЕТЛИК ХЫЗМЕТЛЕРДЕН ПАЙДАЛАНЫЎДА ЖӘНЕ ДЕ ҚОЛАЙЛЫ ШАРАЯТЛАР ЖАРАТЫЎ, БУЛ БАҒДАРДА БЮРОКРАТИЯЛЫҚ ТОСҚЫНЛЫҚЛАРДЫ ҚЫСҚАРТЫЎ БОЙЫНША ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА


Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Соңғы жылларда халыққа мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў системасы реформаланып, исбилерменлик орталығын түп-тийкарынан жақсылаў, артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў бағдарында избе-из илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, айырым түрдеги лицензия ҳәм рухсатнамалар бийкар етилди, ҳәкимшилик процедуралардан өтиў мүддетлери сезилерли рәўиште қысқартылды, пуқаралардың өзи-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен берилетуғын бир қатар мағлыўматнамалар бийкар етилди.

Соның менен бирге, мәмлекетлик уйымлар, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да мәмлекетлик шөлкемлерде ескирген бюрократиялық процедуралар, соның ишинде электрон система арқалы алыў имканияты бар болған мағлыўматларды қағаз көринисинде сорап алыў, жумысты шөлкемлестириў ушын зәрүр болмаған ҳүжжетлерди талап етиў нәтийжесинде халық ҳәм исбилерменлик субъектлерин әўере етиў әмелияты сақланып қалмақта.

2017-2021 жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллапуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде бюрократизм, өзи боладылық ҳәм басқа да ҳәкимшилик тосқынлықларды сапластырыў, ескирген, заман талапларына сай келмейтуғын процедураларды түп-тийкарынан қысқартыў мақсетинде:

  1. 2021-жыл 1-июньненбаслап сондай тәртип орнатылсын,
    оған муўапық:

пуқаралардың турақлы (ўақтыншадизимнен өткен жерине қарамастан пуқаралық ҳалаты актлерин регистрациядан өткериў, некелениўши шахсларды медициналық тексериўден өткериў ҳәм сырт елге шығыў биометрикалық паспортын рәсмийлестириў экстерриториал принцип тийкарында әмелге асырылады;

нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыўда пуқаралық ҳалаты акти жазыўлары менен байланыслы барлық мағлыўматлар нотариал кеңселер тәрепинен еркин түрдепуқаралардан артықша мағлыўмат талап етпестен, «ПҲАЖдың бирденбир электрон архиви» мәлимлеме системасы арқалы алынады;

исбилерменлик субъекти болған юридикалық тәреплерге мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын белгиленген жыйым ҳәм мәмлекетлик бажы төлемлерин төлеўде олардың ўәкили тәрепинен нақ пул түринде төлемди әмелге асырыўға рухсат бериледи;

сырт елли коммерциялық шөлкемлердиң Өзбекстан Республикасы аймағындағы ўәкилхана хызметкерин аккредитациялаўда онда адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусы кеселлиги жоқлығы ҳаққындағы сертификатты талап етиў әмелияты бийкар етиледи;

мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы хызметлерден пайдаланыўда физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден артықша төленген төлемлер, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметти тезлестирилген тәртипте көрсетиў ушын қосымша төленген жыйымлар суммасы (тезлестирилген тәртипте көрсетилмеген жағдайда) әпиўайыластырылған тәртипте Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң (кейинги орынларда ­ Агентлик) бюджеттен тысқары қорының қаржылары есабынан бир жумыс күни ишинде қайтарылады. Бунда қайтарып берилген қаржылар Агентлик тәрепинен тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерден регресс тәртибинде өндирип алынады;

мәмлекетлик хызметти көрсетиў нәтийжесинде берилетуғын ҳүжжетлер QR-код (матрик штрихлы код) қойыў арқалы берилгенде олардың дубликатларын бериў тәртиби бийкар етиледи. Бунда, усы ҳүжжетлер электрон түрде Бирденбир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы шекленбеген муғдарда бийпул алынады.

  1. Төмендегилер:

Айырым түрдеги мағлыўматлар ҳәм электрон көринистеги ҳүжжетлерди «Электрон ҳүкимет» системасы уыймлараралық интеграцияласыў платформасынан пайдаланған ҳалда бериў ушын жуўапкер болған мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң дизими 1-қосымшаға муўапық;

2021-жыл 1-майдан пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң қәлеўине бола көрсетилген мәмлекетлик хызметтиң нәтийжеси почта байланысы арқалы жеткерилетуғын мәмлекетлик хызметлер дизими 2-қосымшаға муўапық;

Айырым түрдеги мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў процедураларын әпиўайыластырыў ҳәм оптималластырыў бойынша «Жол картасы» 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Бас министрдиң кеңесгөйи О.М.Умаров усы Пәрманға 1-қосымшада көрсетилген министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте2021-жыл 1-майға шекеммәлимлеме қәўипсизлиги талапларына әмел еткен ҳалда олардың ведомстволық мәлимлеме системалары, ресурслары ҳәм мағлыўматлар базаларында бар ҳәм мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў ушын зәрүр болған мәлимлеме ҳәм мағлыўматлардың «Электрон ҳүкимет» системасы уйымлараралық интеграцияласыў платформасына интеграцияланыўын тәмийинлесин.

Бас министрдиң кеңесгөйи О.М.Умаров ҳәм министрликлер менен уйымлар басшыларына электрон мағлыўмат базаларын өз ўақтында ҳәм сапалы қәлиплестириў, мағлыўматларды санластырыў, мағлыўматлар ҳәм электрон көринистеги ҳүжжетлерди мүддетинде бериў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. 2021-жыл 1-июньненбаслап мәмлекетлик уйымлар, хожалық бирлеспелери, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм мәкемелер тәрепинен халықтан, соның ишинде исбилерменлик субъектлеринен:

а) төмендеги фактлерди тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди:

руўхый кеселликлер бойынша диспансер есабында турыўы яки турмаслығы;

наркология бойынша диспансер есабында турыўы яки турмаслығы;

судланғанлық;

мәнзил-мағлыўмат мәлимлемеси;

пуқараның атында жеке турақ жай бар яки жоқлығы;

турақ жайдың майданы;

салық қарызы бар яки жоқлығы;

салық төлеўши физикалық тәреплердиң мәмлекетлик салық хызмети уйымларында есапқа қойылғанлығы;

пенсия ҳәм напақа муғдары;

пенсия ҳәм напақа алыўшылар дизиминде бар яки жоқлығы;

неке дизимине алынғанлығы, некеде турмаслығы яки некеден ажырасқанлығы;

б) төмендеги ҳүжжетлерди:

шахсты тасыйықлаўшы ҳүжжеттиң нусқасы;

шахстың белгиленген үлгидеги фотосүўрети;

медициналық-социаллық эксперт комиссияларының мағлыўматнамалары;

мийнет дәптершелери ҳәм олардың нусқалары (пуқараларға пенсия тайынлаў процесинде бул ҳүжжетти «Бирден-бир миллий мийнет системасы» уйымлараралық бағдарламалық-аппарат комплекси арқалы алыў имканияты болмаған жағдайларда сораў буған кирмейди);

мийнет ҳақы ҳәм мийнет стажын, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемесинде оқығанлықты тастыйықлаўшы архив мағлыўматнамалары (пуқараларға пенсия тайынлаў процесинде бул ҳүжжетти «Бирден-бир миллий мийнет системасы» уйымлараралық бағдарламалық-аппарат комплекси арқалы алыў имканияты болмаған жағдайларда сораў буған кирмейди);

кадастр ҳүжжетлери ҳәм олардың нусқаларын талап етиў бийкар етилетуғыны белгиленсин.

Бунда, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер физикалық тәреплерге мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде, жумысқа қабыл етиў процесинде ҳәм басқа да ҳәкимшилик процедураларды әмелге асырыўда усы бәнтте нәзерде тутылған ҳүжжет ҳәм мағлыўматларды усы Пәрманға 1-қосымшада белгиленген жуўапкер мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерден еркин түрде, соның ишинде «Электрон ҳүкимет» системасы уйымлараралық интеграцияланыў платформасы арқалы сорап алады.

Усы бәнтте көрсетилген ҳүжжет яки мағлыўматлардың
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен халықтан талап етилиўи мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўындағы нызамшылық ҳүжжетлери талапларын бузыў деп есаплансын.

  1. Әдиллик министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитетиниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:

2021-жыл 1-майдан баслап сырт елге шығыў биометрикалық паспортын рәсмийлестириў ушын арза-анкетаны ҳәм мәмлекетлик бажы төлемин электрон тәризде Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы қабыл етиў имканиятын жаратыў;

2021-жыл 1-июньнен баслап 16 жасқа толған шахсларға идентификация ID-карталарын бериў оларды мәмлекетлик салық хызмети уйымларында салық төлеўши сыпатында есапқа қойыў ҳәм пуқараны жыйналып барылатуғын пенсия системасында есапқа қойыў менен бир ўақыттың өзинде әмелге асырыў системасын енгизиў;

2021-жыл 1-июльден баслап салық уйымларында салық төлеўшилердиң есабын жүргизиўди физикалық тәрептиң жеке идентификация номеринен пайдаланған ҳалда әмелге асырыўға өтиў. Бунда, салық төлеўшиниң идентификация номерин бериў ҳәм пуқараны жыйналып барылатуғын пенсия системасында есапқа қойыў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў бийкар етиледи.

Физикалық тәрептиң жеке идентификация номери барлық мәмлекетлик, банк, социаллық ҳәм басқа да хызметлерди көрсетиўде пуқараның шахсын тастыйықлаўшы бирден-бир идентификатор есапланатуғыны;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен физикалық тәреплерди идентификациялайтуғын өз алдына номерлерди жүргизиў қадаған етилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Мәмлекетлик салық комитети Мәмлекетлик персоналластырыў орайы ҳәм Ишки ислер министрлиги менен биргеликте 2021-жыл 1-июльгешекем:

Өзбекстан Республикаси пуқараларының ҳәм Өзбекстан Республикасында жасаў гүўалығына ийе болған шет ел пуқаралары
ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың бар салық төлеўшиниң идентификация номерин олардың физикалық тәрептиң жеке идентификация номери менен өз-ара байланыстырыў жумысларын жуўмақласын;

салық төлеўшиниң идентификация номери болмаған Өзбекстан Республикасы пуқараларының ҳәм Өзбекстан Республикасында жасаў гүўалығына ийе болған шет ел пуқаралары
ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар физикалық тәрептиң жеке идентификация номери арқалы салық төлеўши сыпатында есапқа қойылыўын тәмийинлесин.

  1. 2021-жыл 1-июньненбаслап:

Агентлик юридикалық тәреплерди (мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, банклер ҳәм кредит бюроларынан тысқары) мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша бирден-бир ўәкилликли уйым есапланатуғыны;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, юридикалық тәреплер бирлеспелери, бағшылық-жүзимгершилик ширкетлери, тутыныў, өндирислик ҳәм аўыл хожалығы кооперативлери ҳәм адвокатлық структураларды мәмлекетлик дизимнен өткериў мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Ишки ислер министрлиги, Қорғаныў министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик персоналластырыў орайы ҳәм Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры 2021-жыл 1-майға шекем өзлериниң мәлимлеме системаларын «ПҲАЖдың бирден-бир электрон архиви» мәлимлеме системасына интеграциялаўды тәмийинлесин. Бунда, физикалық тәрептиң қайтыс болыўы дизимге алынған күннен баслап 10 күнишинде:

Ишки ислер министрлиги ­ қайтыс болған шахстың пуқаралық паспорты яки ID-картасы, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы аймағында турақлы жасайтуғын шет ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың жасаў гүўалықлары, пуқаралығы болмаған шахслардың ҳәрекетлениў ҳүжжетлери, айдаўшылық гүўалықлары есаптан шығарылыўын, егер пуқара излеўде болса, излеў ҳәм жынаят-процессуал ислерине (ҳүжжетлерине) тийисли мағлыўматлар киргизилиўин;

Қорғаныў министрлиги ­ қайтыс болған шахстың әскерий дизимнен шығарылыўын;

Сыртқы ислер министрлиги ­ қайтыс болған шет ел пуқаралары ҳәм шет елде турақлы жасаўшы пуқаралығы болмаған шахслар бойынша тийисли сырт ел мәмлекетине яки оның Өзбекстандағы ўәкилханасына хабар берилиўин;

Денсаўлықты сақлаў министрлиги ­ қайтыс болған шахстың майыплығы болған шахслар дизиминен шығарылыўын;

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ­ қайтыс болған шахс «Бирден-бир миллий мийнет системасы» уйымлар аралық бағдарламалық-аппарат комплекси есабынан шығарылыўын;

Мәмлекетлик салық комитети ­ салық қарызы болмаған қайтыс болған шахс салық төлеўши сыпатында дизимнен шығарылыўын;

бюджеттен тысқары Пенсия қоры ­ қайтыс болған шахсты жерлеў мәресими ушын бир мәртелик напақа тайынланыўын ҳәм оған басқа түрдеги пенсия ҳәм напақалар есапланыўы тоқтатылыўын;

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги ­ қайтыс болған жеке тәртиптеги исбилерменниң Исбилерменлик субъектлериниң Бирден-бир мәмлекетлик реестринде жумысы тоқтатылған статусына өткерилиўин тәмийинлесин.

2021-жыл 1-майдан баслап ПҲАЖ уйымларының усы бәнтте белгиленген уйымларға физикалық тәрептиң өлими регистрация етилгенлиги ҳаққындағы мағлыўматты бериў миннетлемеси бийкар етилсин.

  1. 2021-жыл 1-июньненбаслап:

пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў уйымлары тәрепинен мәмлекетлик статистика уйымларына акт жазыўларының нусқаларын жибериў ҳәм есабатларды тапсырыў әмелияты бийкар етилсин.

Бунда, мәмлекетлик статистика уйымлары «ПҲАЖдың бирден-бир электрон архиви» мәлимлеме системасына өзлериниң электрон системаларын интеграциялаған ҳалда бул мағлыўматларды реал ўақыт режиминде алады ҳәм статистикалық есабатларды қәлиплестиреди;

ҳуқық қорғаў уйымлары, Монополияға қарсы гүресиў комитети ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги тәрепинен исбилерменлик субъектлери ҳаққындағы мағлыўматларды Агентлик ҳәм мәмлекетлик хызметлер орайларынан сораў тоқтатылсын. Онда, усы шөлкемлер исбилерменлик субъектлери ҳаққындағы мағлыўматларды Исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм есапқа қойыўдың автоматластырылған системасынан еркин түрде алады.

  1. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги:

усы Пәрманға 1-қосымшада нәзерде тутылған мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен биргеликте еки ай мүддетте олардың «Электрон ҳүкимет» системасы уйымлараралық интеграцияланыў платформасына жалғаныўын ҳәм барлық мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерге бул системадан пайдаланыў имканияты жаратылыўын тәмийинлесин;

үш ай мүддетте Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда арза-сораўнамаларды электрон санлы имза менен тастыйықлаў талабын бийкар етиў ҳәм идентификациялаўдың заманагөй қуралларын енгизиў арқалы пайдаланыўшыларға системаға кириў ҳәм оннан пайдаланыў ушын қолайлы имканиятларды жаратыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Әдиллик министрлиги:

Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте пуқаралар тәрепинен артықша төленген төлемлер, ўәкилликли мәкемелер тәрепинен өз ўақтында көрип шығылмаған ҳәм бас тартылған мүрәжатлар бойынша, сондай-ақ, тезлестирилген тәртипте мәмлекетлик хызмет көрсетилмегенлиги ушын қосымша өндирилген жыйымлар суммасын әпиўайыластырылған тәртипте қайтарыў тәртибин Министрлер Кабинетине киргизсин;

Мәпдар министрлик ҳәм ведомстволар менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

айырым түрдеги мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў процедураларын әпиўайыластырыў ҳәм оптималластырыў бойынша «Жол картасы»ның орынланыўы бойынша барлық зәрүр илажлар көрилиўин, усы Пәрманның өз ўақтында орынланыўында жуўапкер шөлкемлерге ҳәр тәреплеме методикалық ҳәм әмелий жәрдем көрсетилиўин тәмийинлесин, сондай-ақ, ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына оның әмелге асырылыўы процеси ҳаққында толық мағлыўмат усынсын.

  1. Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы менен биргеликте усы Пәрманның мазмун-мәниси ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытылыўын тәмийинлесин.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң кеңесгөйи О.М.Умаров, әдиллик министри Р.К.Давлетов ҳәм Мәмлекетлик хызметлер агентлиги директоры У.И.Мухаммадиев белгиленсин.

Усы Пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер мәкемелердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2021-жыл 1-июль ҳәм 2022-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл, 23-март.